26-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда, соның ишинде, «2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының  Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Нызам жойбарының концепциясы бойынша Бас министрдиң орынбасары – Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қучқоров баянат жасады.

Министрдиң атап өткениндей, 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарында мәмлекеттиң пуқаралар алдындағы барлық социаллық миннетлемелерин орынлаў ушын жетерли муғдарда қаржы ажыратылған, соның ишинде мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақаларды өз ўақтында төлеў ҳәм инфляция дәрежесинен аз болмаған муғдарда арттырып барыў нәзерде тутылған.

Инфляция дәрежеси болса 7 процент болыўы күтилмекте.

Жойбарда халықтың талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў ушын Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғанлығы сақлап қалынбақта.

Атап айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыўға жәми 20 трлн.сум қаржы ажыратылмақта . Социаллық қорғаўға ажыратылып атырған қаржылардың мәнзиллилигин күшейтиў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар жойбарда өз сәўлелениўин тапқан,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты .

Қарақалпақстан хабар агентлиги