Буннан тысқары, Android операциялық системасын басқа «Google» хызметлеринен, атап айтқанда, «Google Play» қосымшалар дүканынан да ажыратыўды усыныс еткен.
Соңғы мағлыўматларға қарағанда, браузерди бас компаниядан ажыратып алыў усынысы қабылланса, «Chrome» 20 млрд долларға сатылыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Digital Information World» басылымы хабар берди.
Атап өтилиўинше, бундай қарар ең үлкен технологиялық компаниялардан бирине тарийхый басым илажы болыўы мүмкин.
Август айында Вашингтондағы округ суды «Google»ди излеў системалары базарында қурылма ислеп шығарыўшылар ҳәм веб-браузерлер менен өз өнимлеринде бул излеў системасынан пайдаланыў бойынша келисимлер арқалы монополияны орнатыўда айыпланған еди.
Буннан кейин Әдиллик министрлиги тәрепинен технологиялық гигантларды бөлип жибериў имканиятлары көрип шыға басланған. Ең көп додаланған вариантлар арасында Android операциялық системасы, «AdWords» ҳәм «Chrome» сатыўы бар еди.
Бирақ «Google»диң өзи усыныс етилген бөлиниўин бийкарлаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги