БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) ҳәм Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен Европа Аўқамы жәрдеминде «Қәўипли химиялық элементлерди ақылға уғрас басқарыў ушын техникалық жәрдем» жойбары әмелге асырылмақта.
Жойбар шеңберинде Өзбекстан Республикасы нызамшылығына, атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 6-марттағы «Химияластырыў ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларын сынақтан өткериў ҳәм дизимге алыў тәртиби ҳаққында»ғы режени тастыйықлаў ҳаққындағы қарарына өзгерислер киргизиў мәселелерине бағышланған халықаралық онлайн дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Бул жойбар бойынша Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң сораўына бола FAO юридикалық топары тәрепинен пестицидлерди басқарыў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў, атап айтқанда, жоқарыда атап өтилген қарарды жаңалаў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Сөйлесиўде тийкарғы итибар пестицидлерге байланыслы атамалардың сыпатламасын дүнья стандартларына муўапық қайта көрип шығыў, оғада қәўипли химиялық қуралларды басқышпа-басқыш әмелден шығарыў, мәмлекетимизге түрли жоллар менен кирип киятырған пестицидлерди қадағалаўға алыў сыяқлы темаларға қаратылды. Пестицидлерди қолланыў бойынша қадағалаў ҳаққындағы ҳүжжет жойбарын халықаралық экспертлердиң усынысларына тийкарланып ислеп шығыў да додалаўлар орайында болды.
Улыўма алғанда, биргеликтеги жойбардың улыўма мақсети халықаралық конвенцияларға әмел еткен ҳалда ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер, қурал ҳәм муўапықластырыў механизмлерин жетилистириў, жергиликли потенциалды арттырыў, институтларды беккемлеў ҳәм бул арқалы республиканың қоршаған орталық ҳәм климат бойынша миннетлемелерин орынлаўға жол ашыўдан ибарат.
–Дөгерек сәўбети мәмлекетимизде экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдем, – деди жойбардың миллий координаторы Элмурод Назаров. – Ортақ мақсетимиз пестицидлерди ислеп шығарыўдан баслап, пайдаланыўға шекемги барлық басқышларында қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығына унамсыз тәсирин азайтыў болып табылады.
Сондай-ақ, миллий сиясаттың әҳмийетли бағдарларын әмелге асырыў ҳәм жасыл өсиў стратегиясына муўапық, ресурслардан нәтийжели пайдаланыўға итибар қаратқан ҳалда мәмлекетиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўын қоллап-қуўатлаў да нәзерде тутылған.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзА