Быйылғы жылдың 27-ноябрь күни Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети тәрепинен халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң Жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары ушын семинар шөлкемлестирилди.
Онда сенаторлар, экспертлер, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары ҳәм Жаслар парламенти ағзалары қатнасты.
Семинардың тийкарғы мақсети – жергиликли Кеңеслер жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша турақлы комиссияларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, Комитет ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары менен бирге ислесиўди беккемлеў, жергиликли атқарыў ҳәкимияты үстинен қадағалаўды күшейтиў, нызам додалаўларын төменги буўынлардағы депутатлар менен өткериўден ибарат.
Семинар даўамында Президент Шавкат Мирзиёевтың Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзиндеги жергиликли Кеңеслер менен байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларға итибар қаратылды. Соның менен бирге, үлгили Кеңеслердиң тәжирийбесин енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Кеңес сораўы ҳәм тексериўи сыяқлы жаңа механизмлерди енгизиў арқалы аймақлық атқарыў уйымларының үстинен қадағалаўды және де күшейтиўге ерисиў мүмкин екенлиги мәлим етилди. Нызам дөретиўшилиги процесинде жергиликли Кеңеслердиң кең тартылыўы, ҳәр бир нызам бойынша олардың пикирин алыў, ҳәм аймақлардың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алыўға айрықша итибар қаратылды.
Семинарда Сенат тәрепинен ислеп шығылған методикалық қолланба көрсетилди. Бул қолланба турақлы комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге жәрдем береди, сондай-ақ, олардың бағдарлары бойынша анық режелерди белгилеў, додалаўларды дурыс шөлкемлестириў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиўде әмелий жәрдем көрсететуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, семинар даўамында Мәденият ҳәм Спорт министрликлери ҳәм Жаслар ислери агентлиги жуўапкерлериниң баянатлары тыңланды. Оларда жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм турақлы комиссиялар арасында өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм аймақлық машқалаларды орнында шешиў бойынша усыныслар берилди. Қалаберди, турақлы комиссия ағзалары да додаланған мәселелер бойынша өз пикирлери ҳәм усынысларын билдирди, деп мәлимлеме береди сенат.уз
Қарақалпақстан хабар агентиги