Бажыхана комитетинде Россия Федерал бажыхана хызмети басшысы В.Пикалёв басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

Бажыхана комитети баслығы А.Мавлонов Өзбекстан-Россия арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыўға  айрықша итибар қаратылып бул болса бажыхана тараўында өз-ара бирге ислесиўге ҳәм унамлы, ҳәм ҳәрекетлендириўши тәсир етип атырғанын атап өтти.

Еки тәреплеме ушырасыўда  Өзбекстан ҳәм Россия арасында сыртқы саўда жүклери ушын енгизилген «Әпиўайыластырылған бажыхана жолы» принципин  және де жетилистириў мәселелери көрип шығылды.

Тәреплер бир-бирлериниң ўәкилликли экономикалық операторлары ушын нәзерде тутылған қолайлықлар ҳәм жеңилликлерди кең көлемде енгизиў, бажыхана лабораториялары тәрепинен өткерилетуғын экспертиза процесслерин методологиялық жақтан муўапықластырыў, кинология тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.

Россия бажыхана хызмети делегациясы 2023-жылдың 29-августында жеке мәмлекетимиз басшысының Бажыхана комитетине сапары ўақтында  иске қосылған Бажыхана рәсмийлестириўи орайы ҳәм Орайлық бажыхана лабораториясының жумысы менен  жақыннан танысты.

Өзбекстанда бажыхана уйымларының жумысын санластырыў ҳәм тәртиплерин әпиўайыластырыў бағдарында әмелге асырылған илажлар ҳәм ерисилген нәтийжелер мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Еслетип өтемиз, 2022-жылдың 2-декабринде Самарқанд қаласында еки мәмлекет бажыхана хызмети басшылары Өзбекстан ҳәм Россия бажыхана хызметлери ўәкилханаларын ашыў ҳаққында келисимге қол қойған еди.

Бул келисим әмелге асып, ҳәзирги күнде Өзбекстан Бажыхана  комитетиниң Россиядағы ўәкили өз жумысын табыслы түрде даўам еттирмекте.

Россия Федерал бажыхана хызмети делегациясының мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

Ш.Маматуропова, ӨзА