«Шежире» – Бердақтың ҳәм шайыр, ҳәм илимпаз екенин көрсетеди. Онда тек қарақалпақ халқына емес, ал туўысқан халықларға да тийисли фактлер бар.
Бердақ шығармаларындағы тематикалық байлық ҳәм кеңлик, халық тилиниң байлығы ҳәм образлылығы, қосықтың поэтикалық формаларының жетилискенлиги, ең баслысы – терең идеялық мазмун, халықшыллық, ҳақыйқатшыллық ҳәм гуманизм оның шығармаларының мәңги жасайтуғынлығын тәмийинлейди,-деген еди академик Марат Нурмухамедов.
Ҳақыйқатында да, ХIХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Бердақ Ғарғабай улы өзиниң жазған терең мазмунға ийе шығармалары менен халқымыз кеўлинен жыллы орын ийелеген уллы тулға болып есапланады.
Быйыл сүйикли шайырымыздың туўылғанына 197 жыл толады. Усы сәне мүнәсибети менен ҳәзирги күнлери республикамыздың барлық аймақларында шайырдың туўылған күни кең түрде белгиленбекте
Сәне мүнәсибети менен Қараөзек районыдағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде жайласқан 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде көркем-әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Кешеде «Нураный» қорының районлық бөлими баслығы М.Гүлимбетов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы М.Атажанов, «Шуҳрат» медалы ийеси, шайыр Г.Оразымбетовалар шығып сөйлеп, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша мағлыўматлар берип, оның жаслардың тәлим-тәрбиясы ҳәм руўхый турмысында тутқан орны ҳаққында түсиниклер берди.
Кешеде мектеп оқыўшылары тәрепинен уллы шайыр дөретпелеринен үзиндилер атқарылып, сахналық көринислер қойып берилди.
Районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы кешеге көтериңки кейпият бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы