Газ ислеп шығарыўдың төменлеўи ҳәм импорттың артыўы есабынан жанапай салықлардың түсими азайған.
Өзбекстан 100 метр куб газди 160 доллардан импорт етпекте. Бул ҳаққында Салық комитети баслығының биринши орынбасары Мубин Мирзаев мәлим етти.
Усы жылдың биринши ярымында UzGasTrade компаниясына 1 трлн сум ҚҚС төлеми қайтарып берилген.
Оның сөзлерине бола, Өзбекстан биринши ярым жыллықта 5,2 млрд метр куб газ импорт еткен. Соның есабынан 1,3 трлн сум акциз салығы алынбаған. Себеби тәбийғый газ импортына 0 процентлик ставка қолланылады.
Алты айда 13,7 млрд метр куб газ ислеп шығарылған. Бул өткен жылға салыстырғанда 1,4 млрд метр куб аз. Соның есабынан 104 млрд сумлық акциз салықлары аз түскен,-деп жазады xabar.uz сайтында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги