Шығындылар халықтың саламатлығы, қоршаған орталық ушын қәўипли, сондай-ақ, олар аймақлардың санитария ҳәм экологиялық жағдайы, мәмлекеттиң имиджине унамсыз тәсир көрсетеди.
Өткен 2024-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Әндижан, Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Ферғана, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятларының жәми 81,2 гектар жер майданында 29 қатты хожалық шығынды полигоны рекультивацияланып, санитария талаплары тийкарында топырақ қатламы менен жабылды.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң Шығындыларды басқарыў ҳәм циркульяр экономиканы раўажландырыў агентлиги жанындағы Шығынды полигонларын басқарыў дирекциясы тәрепинен 2024-жылы республикада бар 198 хожалық шығынды полигонынан 29 ы рекультивацияланды.
Шығынды полигонларының санитария талаплары ҳәм экологиялық нормаларға сәйкес емеслиги жер майданларының зәҳәрлениўи ҳәм генофондының бузылыўы, өрт қәўипи, атмосфераға ыссықхана газелитр шығыўы артып барыўына себеп болады. Усы сыяқлы ақыбетлердиң алдын алыў мақсетинде «Өзбекстан Республикасында қатты хожалық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў стратегиясы» ислеп шығылған. Оған бола, 1 108,6 гектар майданға тең 167 полигон рекультивацияланыўы белгиленген.
Усындай илажлардың нәтийжесинде ыссықхана газлери сызып шығыўына шек қойылып, өрт қәўипиниң алды алынып атырғанлығын атап өтиў керек. Сондай-ақ, сизот суўларының атмосфера ҳаўасына унамсыз тәсири 78 процентке азайтылды. Буннан тысқары, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде республика бойлап 112 шығынды полигонының әтирапына 197 мың терек ҳәм пута нәллери егилип, «жасыл белбеў»лер шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде жер генофонды жақсыланып, жасыл аймақлар жаратылмақта.
Шығынды полигонларының жағдайы унамлы тәрепке өзгермекте. Келешекте тараўда заманагөй талапларға жуўап беретуғын полигонлар шөлкемлестирилиўи есабынан зыянлы газлер ҳәм халықтың арасында түрли кеселликлер келип шығыўын кескин қысқартыў мақсет етилген.
Мағлыўматларға бол, мәмлекетте тек ғана хожалық шығындылары жыллық пайда болыў көлеминиң прогнозы 14-14,5 миллион тонна әтирапында баҳаланып, халықтың орташа 1,5 проценти көбейиў пәтин сеапқа алғанда, бул көрсеткиш 2028-жылға келип 16-16,7 миллион тоннаға жетиўи, санаат шығындылары болса 100 миллион тоннадан артыўы мүмкин.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА