Нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў, қәўипсизлик ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама жойбарынан орын алған.

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети мәжилисинде усы ҳаққында сөз етилди.

Додалаў процесинде мәмлекетлик бағдарлама жойбарындағы бир қатар мақсетлерге ерисиў бойынша тийисли пикир-усыныслар билдирилди.

Жаңа басылымдағы Жер кодексин ислеп шығыў, таў ҳәм таў алды аймақларындағы тоғайларды сақлаў ҳәм олардың майданын және де кеңейтиў усылардың қатарына киреди. Сондай-ақ, парламент қадағалаўы нәтийжелериниң тәсиршеңлигин арттырыўға қаратылған нызам жойбарын ислеп шығыў сыяқлы усыныслар ортаға тасланды.

Исбилерменлер арасында пайда болып атырған экономикалық келиспеўшиликлер өз ўақтында ҳәм әдил шешилиўин тәмийинлеў мақсетинде келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиўдиң қолайлы усылы болған медиация институтын және де жетилистириў ҳәм әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер киргизиў мәселеси айрықша атап өтилди.

Онда, тартысып атырған тәреплерден дүзилген медиатив келисимди мәжбүрий орынлаў механизмин енгизиў ҳәм профессионал медиаторлар ушын жоқары мағлыўматқа ийе болыў талабын қойыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.

Билдирилген пикир-усыныслар қоллап-қуўатланып, орнатылған тәртипте мәмлекетлик бағдарламаға киргизилиўи ушын усыныс етилетуғыны мәлим етилди.

Илажда мәмлекетлик бағдарлама жойбары бойынша жәмийетшилик, соның ишинде, тараў қәнигелери өз пикир-усыныслары арқалы белсене қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА