Мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери кепилликлерин және де күшейтиў, соның ишинде, қыйнаў ҳәм басқа аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыў жағдайларына улыўма жол қоймаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Енди жынят исин жүргизиў ўақтында шасхты қыйнаў  жағдайларының алдын алыўға қаратылған нызам жойбары ислеп шығылды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде екинши оқыўда көрип шығылған бул нызам жойбары менен «Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында»ғы нызамға тийисли қосымшалар киргизиў арқалы шахсты тергеў қамақханасына жайластырыўдан алдын  оны тергеў қамақханасының өзинде мәжбүрий медициналық  тексериўден өткериў тәртиби белгиленбекте. Медициналық тексериў даўамында шахстың  денесинде жарақат анықланған жағдайда жеделлик пенен прокурорға хабар берилиў тәртиби орнатылмақта.

Додалаўларда нызам жойбары бойынша бир қатар сораўлар ҳәм келиспеўшиликлер билдирилди, интакерлердиң жуўаплары тыңланды. Қызғын додалаўлардан соң айырым атамаларға анықлық киргизиў мақсетинде нызам жойбары жуўапкер комитетке қайтарылды.

М.Комилова, ӨзА