Республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы, Беруний районында да Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь “Ўатан қорғаўшылары күни” мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекеттиң таянышы, халқымыздың мақтанышы» сүрени астында байрам илажы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақ халқын байрам менен қызғын қутлықлады.
Онда шығып сөйлеўшилер тәрепинен соңғы жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформаларымыздың нәтийжесинде Қураллы Күшлеримиз елимиз ғәрезсизлигин, шегараларымызға қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепилине айланғаны мақтаныш пенен атап өтилди.
Байрам кешесинде өз ўазыйпаларын пидәкерлик пенен атқарып киятырған бир қатар тараў пидайыларына Миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалар, район ҳәкими И.Хидировқа «Маънавият фидоийси» көкирек белгиси тапсырылды.
Илаж көркем өнер шеберлериниң ана-Ўатан, туўылған жерди жырлаўшы йошлы қосықлары менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги