Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген қосымшаға бола, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер дүзилгенлиги ямаса сапластырылғанлығы, олардың шегаралары ямаса бойсыныўы өзгертилгенлиги нәтийжесинде исбилерменлик субъектлериниң ҳәм басқа да юридикалық тәреплердиң жайласқан жери (почта мәнзили) өзгергенде олар қайтадан мәмлекетлик дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Сондай-ақ, қамсызландырыўшылар мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын шағымлар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутыўшы қосымшалар киргизилмекте.
Онда қамсызландырыўшылар (қамсызландырылған шахслар, пайда алыўшылар, жәбирлениўшилер) мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын шағымлар бойынша Пуқаралық ислери бойынша судларда ҳәм Экономикалық судларда мәмлекетлик бажыны төлеўлен азат етиледи.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА