Әзелден түби бир туўысқан түркий халықлар болған өзбек, қазақ ҳәм қарақалпақ халықлары аўылы аралас, қойы қоралас болып бир аймақта жасап, тыныш-татыў турмыс кеширмекте. Халықларымыз арасындағы өз-ара аўызбиршилик ҳәм татыўлық себепли, адамларымыз бири-бири менен қуда-тамыр болып неше жүз жыллардан бери бирге дослықта жасап келмекте.
Әсиресе, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы Президентлериниң еллеримиз арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа көтериў, сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди әмелий мазмун ҳәм әҳмийетли басламалар менен байытыў, тийкарғы бағдарлардағы байланысларды кеңейтиў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша алып барып атырған сиясаты нәтийжесинде, мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар өз-ара беккемленбекте.
Соның ишинде, жоқары билимлендириў, көркем өнер ҳәм мәденият тараўларындағы өз-ара байланыслар нәтийжесинде, көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрдың усы жылдың апрель айында Қазақстан Республикасында гастрол сапарында болыўы буның айқын дәлийли болып табылады.
Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театрының 6-8-сентябрь күнлери дөретиўшилик сапар менен республикамызда болыўы бул қарым-қатнасықлардың жалғасы десек болады.
Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўи менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.


Ең дәслеп Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театрының жәмәәти Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының алдында салтанатлы түрде күтип алынды ҳәм театр фойесинде шөлкемлестирилген «Қарақалпақстан ҳәм Қазақстан театр өнериниң дослығы» атамасындағы көргизбени тамашалап, театр жәмәәтиниң дөретиўшилик сапарына бағышланған баспасөз конференциясына қатнасты.
Конференцияны Мәденият министрлигиниң баспасөз хаткери Гүлмийра Палўанова басқарып барды.
Онда Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театрының директоры Жуасбек Еркин Тилеўқул улы, театр режиссеры Елик Нурсултан ҳәм театрдың тәжирийбели актрисасы Шынар Жанысбекова қатнасып, театрдың өтмиши ҳәм бүгинги турмысы, соңғы жыллары алып барып атырған жумыслары жөнинде илаж қатнасыўшыларына мағлыўматлар берди.
Конференцияда журналистлер тәрепинен мийманларға бүгинги күни республикамыздың театр жанкүйерлерин қызықтырған мәселелер бойынша бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алынды.
-Қарақалпақстанда буннан 31 жыл бурын театрымыздың дөретиўшилик жәмәәти менен хызмет сапарында болған едим,-дейди Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театрының актрисасы Қазақстан Республикасына мийнети сиңген артист Шынар Жанысбекова – Ол жыллары мен жаңа институтты питкерип келген жас актриса едим. Бизлер кәсиплеслеримиз бенен Нөкис қаласынан тысқары Қоңырат, Тахтакөпир, Шымбай ҳәм басқа да районларында болып, оларға өзлеримиздиң өнерлеримизди көрсеткенбиз. Мине бүгин арадан көп жыллар өтип, театрдың тәжирийбели хызметкери сыпатында келип турман. Бул әлбетте, маған өзгеше заўық ҳәм қуўаныш бағышламақта. Себеби, түби бир туўысқан халықлардың қатнасықларын беккемлеўге үлес қосыў көпшилик мәденият тараўы хызметкерлери сыяқлы маған айрықша күш-жигер ҳәм илҳам-йош бағышлайды.
Конфереция соңында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети баслығы Бектурсын Хожанов ҳәм ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң сектор баслығы Байрам Айтмуратовлар мийманларға илажға қатнасып, журналистлердиң сораўларына жуўап бергени ушын миннетдаршылық билдирди.
Соңынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры сахнасында Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театрының жәмәәти тәрепинен таярланған атақлы жазыўшы ҳәм драматург Ғабит Мүсиреповтың «Қыз Жибек» музыкалық драмасын тамашагөйлер нәзерине усынды.

Соны айтып өтиўимиз керек, қазақ халқының ашықлық дәстаны есапланған, «Қыз Жибек» 1934-жылдың ноябрь айында сахналастырылып, халық нәзерине усынылған болса, мине соннан бери арадан 90 жыл ўақыт өтсе де сахнадан түспей келмекте. Соңынан усы драма тийкарында кинофильм де жаратылды ҳәм бул шығарма тек қазақ халқының емес, ал, пүткил Орта Азия халықларының сүйип тамашалайтуғын киносына айланды. Ондағы сюжет ҳәм персонажларды шеберлик пенен атқарған актёр ҳәм актрисалардың, сахналастырған режиссёр ҳәм художниклердиң мийнетлери өз алдына мақтаўға турарлық. Драманы тамашалар екенбиз, ондағы ўақыялар ҳәм аянышлы ашықлық қыссасы тамашагөйлерди сол дәўирге жетелеп, шығарма қаҳарманлары менен бирге жасап, олар менен бир нәпес дем алыўға мәжбүрлейди.
Тамашагөйлер бас қаҳарманлар Төлеген менен Қыз Жибектиң дәслеп қуўанышына бирге қуўанса, қайғысына да шерик болады. Буны театрға драманы тамашалаўға келген тамашагөйлердиң жүзлеринен, шығарма жуўмақланғанда театр актёрлары ҳәм режисёрларына билдирген жыллы тилеклери менен қол шаппатлаўларынан аңлағандай болдық.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т. Романов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б. Темирбаевлар қатнасты.
Соны айтып өтиўимиз керек, Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театрының жәмәәтиниң дөретиўшилик сапары және еки күн даўам етеди ҳәм мийманлар тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 7-сентябрь күни саат 17:00 де, саат 19:30 да Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Александр Володинниң «Хошласқым келмейди!..» драмасын, 8 сентябрь күни саат 17:00 де Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Сәўле Досжанованың «Муҳаббат пенен ҳәсирет» драмасын тамашагөйлер нәзерине усынады.
Театр жәмәәти 9-сентябрь күни дөретиўшилик сапарын жуўмақлап, Алматы қаласына жөнеп кетеди.

 

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.