Халық арасында “Исбилермен -елге мәдеткар” деген гәп бар. Буны қоңыратлы исбилермен Ердос Қәденовтың мысалында көриў мүмкин.

Ол өз қаржысы есабынан өзи жасап атырған Қаратал мәкан пуқаралар жыйынына заманагөй мәҳәлле имаратын қурып питкерип,ғәрезсизлик байрамына саўға етти.

Кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында болып өткен жаңа имараттың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов,  район ҳәкими Б.Мадаминов сөзге шығып, пуқаралар жыйынының  халқымыздың турмысындағы орнын беккемлеўге салмақлы үлесин қосқан исбилерменге терең миннетдаршылық билдирди.

Буннан соң мийманлар жаңа имараттағы жетилик ҳәм бул дәргайға келетуғын пуқаралар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги