Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 22-январьдағы “Денсаўлықты сақлаў тараўында реформаларды тереңлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” қарарына муўапық, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириў, жетекши сырт ел экспертлериниң қатнасыўында халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине алып шығыў, тараўда нәтийжелиликти ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде Түркияның “SAGLIK GROUP” ЖШЖ консалтинг компаниясынан бир топар қәнигелер Нөкис районына келди.

Олар усы райондағы медицина бирлеспесинде болып, басланғыш системадағы бар машқалалар, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасын енгизиўге таярлық жағдайын үйренди.

Тийкарынан медициналық әсбап-үскенелер ҳәм қураллар менен тәмийинленгенлиги, кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерди қаржыландырыў механизмлери мониторинг етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги