Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди.

Мәжилисти комитет баслығы А.Жуманазаров ашып берди ҳәм бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўда аўыл хожалығы тараўының орны айрықша екенлиги, сондай-ақ, экологиямызды жақсылаў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны, өз гезегинде бул жумысларды әмелге асырыўда комитет алдында бир қатар әҳмийетли мәселелер бар екенлигин атап өтти.

Мәжилис күн тәртибинде комитет баслығының орынбасары лаўазымына 63-санлы “Қараөзек” сайлаў округинен депутат Муратбай Абдировтың, комитет хаткерлигине 53-санлы «Қырантаў» сайлаў округинен депутат Шерзод Ниязымбетовтиң кандидатурасы усынылды ҳәм сайланды. Буннан соң, комитет тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылыўы тийис илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм бул бойынша тийисли усынысларды бериў мәселеси қарап шығылды.

Сондай-ақ, мәжилисте аграр комплекси жумысларын жақсылаў, алдағы белгиленген шеклерге ерисиў, халқымыздың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, елимиздеги экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша бир қатар мәселелер көтерилди. Мәжилис даўамында қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги