Усы күнлерде Қырғызстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, милиция генерал-майоры Октябрь Урмамбетов басшылығындағы делегация Өзбекстанға  келди.

Қырғызстанлы мийманлар дәслеп Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары генерал-майор Бекмурад Абдуллаев ҳәм тийисли хызметлер баслықлары менен  ушырасыў өткерди.

Соң делегация ўәкиллери Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме хызмети жумысы менен танысты.

Мийманлар усы жердеги жаратылған заманагөй шараятлар менен танысты. Хызмет тәрепинен министрликтиң тараўлық хызметлери жумысының ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирилиўи ҳәм ағымдағы дөретиўшилик материалларды көзден өткерип, әмелиятқа  енгизилген процесслерге жоқары баҳа берди.

Мийманлар Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасында болып, Киберқәўипсизлик  орайы, Мәлимлеме мультимедиа орайы ҳәм Бирден-бир тез басқарыў  орайы ҳәм Бас басқарма тарийхы музейи менен жақыннан танысты. Елимизде алып барылып атырған реформа ҳәм ишки ислер системасының бүгинги келбети ҳаққында  жақсы пикирлер билдирилди.

***

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги басшылығы ҳәм Түркия Ишки ислер министрлиги делегациясының қатнасыўында еки тәреплеме бирге ислесиў ушырасыўы  болып өтти.

Ушырасыў  мәмлекетте қалыўға нызамлы хуқықы болмаған шахсларды қайта қабыл етиў процесслерин автматластырыўшы, санлы компаратор ҳәм процессти тезлестириўши мәлимлеме технологиялары системасы презентациясы менен басланды.

Ушырасыўда тәреплер бул әҳмийетли мәселе бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, мәмлекетке келип атырған жолаўшылар ҳаққында алдыннан хабар бериў системасының презентациясы ҳәм Түркия Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция  бас басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Миграция ҳәм  пуқаралықты рәсмийлестириў бас басқармасы арасында нызамсыз  миграцияға қарсы гүрсеиў тараўында бирге ислесиў қатнасықларын додалаў да болып өтти.

***

ИИМ Академиясына болса Корея миллий полиция агентлиги ҳәм билимлендириў мәкемелери ўәкиллеринен ибарат делегация  барды.

Өзбекстан ҳәм Корея Республикалары арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылған сапар алдында мийманлар академия жумысы менен жақыннан  танысты.

Делегация ағзаларына билимлендириў процесслери, бакалавриат ҳәм магистратура басқышлары, профессионал кадрлар таярлаўға реформаласқан қәнигелик бағдарлары, академияның материаллық-техникалық базасы ҳәм заманагөй имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Криминалистикалық экспертизалар кафедрасы менен танысыў тийкарында мийманлар теориялық ҳәм әмелий сабақ өтиў ханалары, арнаўлы лабораториялар ҳәм оқыў тез-тергеў топары  ушын мөлшерленген техникалық оқыў курсларын шөлкемлестириў, илимий-әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелеринде пикир алысылды. Сырт елли мийманлар еки тәреплеме қатнасықлар раўажланып атырғанын атап өтип, бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенлигин билдирди.

Н.Абдураимова, ӨзА