Өзбекстан Республикасы Президенти «Ҳаял-қызлардың арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында» қарар қабыллады.

Оған муўапық, 2025-2030-жыллары Жатыр мойны ҳәм көкирек бези рагин қадағалаў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлар режеси тастыйықланды.

Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде:

медицинаның басланғыш  буўынында 30-65 жастағы ҳаял-қызлардың электрон базасы (дизими) қәлиплестириледи, оларды медициналық тексериўге усыныс етиў системасы жаратылады;

ҳәр жылы 30-50 жастағы ҳаял-қызларда жатыр мойны раги скрининги адам папилломасы вирусын полимераза шынжырлы реакция тексериўи усылы арқалы анықлаў ҳәм суйықлық цитологиясы усылында тексериў жолы менен әмелге асырылады. Онда кеселлик жоқ нәтийже анықланғанда олар 10 жылдан соң қайта тексериўден өткериледи, бар нәтийже анықланған ҳаял-қызлар қосымша тексериўге жибериледи;

рактиң алдын алыў жағдайлары анықланған ҳаял-қызлар амбулатор емлеў ушын Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы ҳәм оның аймақлық филиалларына жибериледи;

30-65 жастағы ҳаял-қызлар ҳәр 2 жылда бир мәрте медицина хызметкерлери тәрепинен басланғыш тексериўден өткериледи. Онда көкирек бези тексериўи 45 жасқа шекемги ҳаял-қызларда ультрадаўыс диагностикасы усылында 45-65 жастағы ҳаял-қызларда маммография арқалы әмелге асырылады;

скирининг нәтийжесинде онкологиялық кеселликке шатылғанлығы анықланған наўқасларды диагнозлаў ҳәм емлеў менен байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери есабынан қаржыландырылады.

2025-жыл 1-январьдан баслап:

а) район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларға денсаўлықты сақлаў системасында оптималластырылатуғын штат бирликлери есабынан төмендеги штат бирликлери киргизиледи:

онкоқадағалаў ханалары ушын акушер-гинеколог шыпакер;

мобиль ҳәм стационар маммографлар жумысын 2 сменада шөлкемлестириў ушын рентген-лаборантлар;

б) Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайының жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Маммография көринисин оқыў орайы шөлкемлестириледи ҳәм район (қала)лық медицина бирлеспелеринде әмелге асырылатуғын көкирек бези раги бойынша скрининг нәтийжелери усы орайдың бирден-бир ридинг системасына интеграцияланады;

в) Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайында адам папиллома вирусы диагностикасы ушын қолланылатуғын тест системаларының сапасын қадағалаў бойынша референслабораториялар жумысы жолға қойылады.

Рак кеселлигин қадағалаў тараўындағы жойбарлардың әмелге асырылыўын муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириледи.

Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы ҳәм Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм  медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайлары Кеңестиң жумысшы уйымы болып есапланады.

2025-жыл 1-январьдан баслап жатыр мойны ҳәм көкирек бези раги скринингине мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин тартыў илажлары көриледи ҳәм мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен көрсетилген хызметлердиң сатып алыныўын Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы әмелге асырыў системасы жолға қойылады.

2025-2026-оқыў жылынан баслап:

Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайында гинеколог қәнигелерди жатыр мойны ҳәм көкирек бези раги скринингине оқытыў бойынша оқыў курслары шөлкемлестириледи.

ӨзА