Қарақалпақстан Республикасындағы суў хожалығы мәкемелери де “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде өзлерине бириктирилген майданларға саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў, суўғарыў жумысларын қызғын алып бармақта.
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Суў хожалығында реформалар орайының баслығы И.Жўраев аймақтағы суў хожалығы мәкемелериниң жуўапкерлери менен бирге “Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды үйренип, оларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.
Атап айтқанда, “Анасай” каналының қорғаў зонасында суў хожалығы мәкемелери тәрепинен егилген нәллерди көшпели насос агрегаты жәрдеминде суўғарыў жумыслары шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, жуўапкерлер “Қаттағар-Бозатаў” ирригация системасы басқармасының мәўсим даўамында егиў ушын таярлап қойған нәл резервлерин барып көрди ҳәм канал бойына нәллерди егиў жумыслары шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги