Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Пўлат Бобожоновтың басшылғындағы делегация Түркий мәмлекетлер шөлкеми қатнасыўшы мәмлекетлери ишки ислер министрлериниң биринши мәжилисинде қатнасыў ушын Қырғыз Республикасының Шолпан-Ата қаласына барды.
Илаж барысында Түркий мәмлекетлер шөлкеми қатнасыўшы мәмлекетлери ишки ислер министрлерин Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров қабыл етти.
Ушырасыўда түркий мәмлекетлер аймағында жынаятшылыққа, соның ишинде, терроризм, экстремизм, адам саўдасы, кибержынаятлар, наркотик затлардың нызамсыз түрдеги машқаласы ҳәм нызамсыз түрдеги миграцияға қарсы гүресиў мәселелери додаланды ҳәм келешектеги бирге ислесиўдиң перспективалары белгилеп алынды.
ӨзА