Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шаўдырбай Сейтов (1937-1996) ХХ әсирдиң екинши ярымындағы қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллериниң бири. Ол әдебияттың поззия ҳәм проза тараўында қәлем тербетип, бир неше көлемли ҳәм мазмунлы шығармалары менен өзинен әдебий мийрас қалдырып кетти. Жақында ғана «Жети ықлым» баспасы тәрепинен жас әдебиятшы Атағулла Сәтбаевтың таярлаўында  жарыққа шыққан «Шаўдырбай Сейтов мийраслары» атамасындағы китапта сораў-жуўап тийкарында орын алған жазыўшының өз оқыўшыларына билдирген пикирлерин жәриялаўды мақул деп таптық. Жазыўшыдан қалған бул мийрас дәслеп, «Әмиўдәрья» журналының 1989-жыл, 8-санында жәрияланған.

Саўал: -Сизиң ең биринши қосық жазыўыңызға не себеп болды? Сонда Сиз неше жасыңызда едиңиз? Қосық жазбастан алдын қандай китаплар оқыйтуғын едиңиз?

-Мен «қосық» жазған дурысырағы, дәслепки «қосықты» жазған жыллары китап шенде-шен еди. Жоқарғы класс балаларына ерип, «Библиотека» дегенге барғанман. Китапты өзим таңлағаным жоқ, китапханашы Ханым апаның берген китапларын алып кеттим. Олардың қара сөзлиси «Царицынди қорғаў» деген китап екен, оқып түк түсинбедим. Ертеңине Досыбай Жумағулов деген муғаллимимизге апарып көрсетсем: «Мынаўың татарша ғой! Алексей Толстойдың китабы, бирден өзиңди Толстойға урасаң-аў» -деп күлгени есимде қалыпты. Екиншиси «Батырлар жыры» деген китап, бунда «Алпамыс», «Мәспатша» дәстанларынан үзинди, Алпамыс пенен Қаражанның бири-бирине еки жақтан ат шаўып киятырған сүўрети бар еди. Театр дегенди дым көрмесем де тақтадан қылыш, картоннан дуўылға соғып, аўылдағы қызларға  «спектакль» қойып, өзимше Алпамыс болып  жүрдим. Үшинши китабымды умытым, бирақ ишинде:

Етпей Қудайдың буйрығын,

Ешектиң кесип қуйрығын,

Ешек сүннет еткен хожам…

-деген қосығы бар еди. Бир күни муғаллимимиз Досыбай аға «Көктем» деген шығарма жазыңшы, өлең деген шығарма жазыңыз типти жақсы!» -деди. Мен жоқарыдағы қосықтың  ырғағында «Көктем» деген «қосық» жаздым, азанда класс балаларының алдында «Ойбай-аў. Қазақбаев типти ақын екенғой» -деп мақтады. Сол-сол екен мақтағанға семире беретуғын мен тарийхтан басқасын умыттымдағы, бос ўақтымның барлығын қосық жазыў менен өткердим. Соң билсем, оларымның бәри қосық емес екен, муғаллим тек мени әдебиятқа қулшындырыў ушын қомпылдата берипти. Соның ушын әдбияттағы биринши устазым Досыбай Жумағулов деп билемен. Сонда төртинши класста, он еки жаста едим.

Саўал: –Прозадан, поэзиядан орысша биринши оқыған китапларыңыз қандай еди, олардан нени үйрендиңиз?

-Биринши оқыған китабым Марк Твенниң «Приключения Гекльберри Фина», екиншиси «Приключения Тома Сойера». Поэзиядан биринши мәрте рус тилинде христоматиядағы Пушкин, Лермонтов, Крыловлардың шығармаларын оқып, түк түсинбей тапсырмаға муўапық ядлап жүрдим. Ал, толық оқыған китабым: Александр Блоктың ҳәм Михаил Лермонтовтың төрт томлықлары, бул еки шыйыр да маған ҳеш нәрсе үйреткен жоқ, қайта: «сениң  шайыр деп сыйынып жүргенлериниң бәри халтурщик, өзиң де шайыр емессең шамаңды бил!»-деп бақырып жиберди. Мендеги бир жаман қәсийет, адамлардың кейигенин кек тутпайман, тез умытаман, усы сапары да сондай болып, мен шамамды билмеўди даўам еттим.

Саўал: -Сырт ел классиклеринен сүйип оқығаныңыз ким?

-Адекдандр Дюманың «Үш мушкатер», «Жигирма жыл өткен соң», «Граф де Бражелон», «Граф Монте Кристо» ларын қызығып оқыдым.   Сүйип оқығаным Джек Лондонның «Северные рассказы» китабы, «Мартин Иден» инен де анаўдағы шынлықтың сәўлелениўин, адам психологиясының толық ашылыўын, қатал тәбияттың дәл сүўретлениўин жақсы көремен.

Саўал:-Проза тараўынан рус совет классикасынан сыйынған «пириңиз» ким?

-Михаил Шолохов. Өлсем де соның «кесели» менен аўырып өлиўди тилеймен! Оның «кесели» маған алпысыншы жыллары жуқты, бирақ шынтлап  «шолоховшылай» алмай жүрмен.

Саўал:- Сиз поэзияда да қәлем тербетесиз. Усы еки жанрда қарақалпақ әдебиятында устазларыңыз ким?

-Әдебияттағы устазлық пенен шәкиртлик ертедеги бақсы-жыраўлардың дәстүриндегидей бола бермейди. Магнитофонласқан ҳәзирги күнде буларда да пүткиллей басқаша, жәрдемге музыка саўаты, нота келеди. Әдебиятшыға да устаз өзи шығармасы бойынша ғана таныйтуғын, ғайры еллердеги бир жазыўшы  болып кете бериўи мүмкин, биз не оқысақ, солардың бәри бизге устаз, белгилиси де, нәмәлими де. Биз жақсы китаптан да, жаман китаптан да үйренемиз.  Мениң өз әдебиятымыздан устаз санағанларым ҳәзир шығармаларының салқынлығы менен мени суўытып алды. Мен рус әдебиятынан Е.Евтушенконың поэзиясын қатты ҳүрметлеймен, бундай сүйетуғын шайырларым басқа миллет шайырларынан да көп. Ал, прозада ҳәзирше тек бир жазыўшыға Төлепберген Қайыпбергеновқа жүгине аламан. Бирақ бул гәпим устазым биреў дегенди аңлатпайды. Камал Мәмбетов пенен Оразақ Бекбаўлиевтағы тарийхый дәрек тинитиўге шеберлик, Сапарбай Салиевтағы деталластырыў  менен ықшамлылық –маған таптырмай жүрген қәсийетлер. Ал, Турдымурат Нәжимовтың үйреткенлерин Төлепберген Қайыпбергенов түўе, Шолохов та үйреткен емес.

Саўал:- Сиз қалай жазасыз, бөлип пе, бөлмей ме?  Үйде ме, саяхатта ма? Жазғаныңызды неше мәрте көширесиз?

-Өмир тек саяхаттан ибарат емес, жумыс деген бар.  Оның үстине жас минген сайын қаңғыра бериўди кеўил күсемейди. Қосық ойласам, дүркини менен бир ойлайман. Алынған тема тутас тулға болса, дара қосық  мүшелери . Соның ушын қай күнде де ойлаған дүркиним кеўилимде қайнап, отырар ўақтымды күтип жүреди. Сонлықтан болса керек,  бир күнлик командировкада да, мийманхана жайлы болса, алағадасыз, жападан-жалғыз  болсам, дүркинниң бир-еки мүшесин питкерип келе аламан.  Қосық маған прозаға қарағанда аңсат ҳәм ләззетли. Прозаны машинка менен, өз өжиремде бөлместен жазаман. Бөлсем, дегбирден сасып, есаптан алжасаман. Үлкен шығарма баслардан алдын ўақытты өлшестиремен. Қай-қайсысын да бир-еки ислеўден артық ислеўге тақатым жетпейди. Үшинши  мәрте ислегеннен гөре зыңғытып таслап, тазасын жазғанды мақул көре беремен. Оқып көрген сайын өз шығырмамнан өзим айный беремен. Соң, мәзи өкинбеўим ушын, китап болып басылып шыққаннан соң қайтып бетине қарамайман. Шығармаларын қайта ислей алатуғын жазыўшыларға ҳәўесим келеди, ҳәтте қызғанаман, өзиме күйемен!

Саўал:-Әдебиятта майда темалылық қашан жоғалады?

-Әдебиятта майда темалылық ҳәмме автор майда темалылық не екенин түсинген күни жоғалады. Түсинген күни автор өзинен өзи түңилип, ондай авторда қашан ири тема тапқанша «өли мәўсим» даўам етеди. Егер, соған шекем өзи өлип қалмаса, таланты бар жазыўшы қай ўақ, бир ўақ ири теманы таўады.

-Саўал:- Музыкаға қалай қарайсыз, музыка әсбапларынан шерте аласыз ба, қосық айтып көрдиңиз бе?

– Қарақалпақ халық қосықларында, дәстанларында музыка поэзиясыз өмир сүрген емес, поэзия қус болса, музыка қанаты болып, оны әййем заманлардан бизиң замынымызға  пәрўазлатып жеткизген. Поэзияның музыкасыз, музыканың поэзиясыз жекке өмир сүре баслағаны қарақалпақларда ғана емес, барлық халықларда да соңғы дәўирде ғана « Музыканы сүйесиз бе?» деген сөз маған «поэзияны сүйесиз бе?» дегендей түйиледи, егер, поэзияны сүймесем, не ушын қосық жазып жүрмен! Мен СССР Жазыўшылар аўқамының ағзалығына шайыр сыпатында алынғанман. Өмиримде қосық айтып көрмеген адам жоқ, мен, ҳәтте фестивалларда қосықлар байрамларында өзимди сынадым. Он жыллықты питиргенде скрипкашы едим. Бирақ, 1956-жылғы Қарақалпақстан әдебияты ҳәм көркем өнериниң Ташкенттеги декадасы алдынан болған сазенде-қосықшылардың конкурсында скрипкадан өте алмай қалдым. Сонда қосықтан өткен Қуўатбай Әбдиреймов ҳәзир аўқамға белгили кино актёры.

Саўал:-Сонда скрипадан өткенде ким болар едиңиз?

-Ондағы скрипкадан өткенлердиң көбиси консерваторияны, училищелерди питкерип шықты. Олардан мениң парқым: қосық та айта алатуғын едим, қосық та жаза алатуғын едим, демек, меннен текстин де, музыкасын да өзи жазып, өзи атқаратуғын бир композитор ҳәм шайыр пайда болыўы мүмкин. Усы нийет өзимде де бар еди, соны абайламағаны ушын скрипкадан өткермей таслаған Худайберген Турдықуловқа алғысым узақта. Өзимниң шерткен намам өзимди  атақлы композиторлардың  шерткенинен де бетер елжиретип, ҳәтте жылататуғын еди. Оның себеби өз шерткеним мениң өз көкирегимнен шығады, нама шерткенимде сыртқы қулаққа шала еситилгени менен ол мениң көкирегимде толық шертилип атады, смычок пенен тар басқан саўсақларымның мулт жиберген жерин көкирегим толықтырып турады. Егер, мениң көкирегимди елжиретип турған муқамлар көкирегимдегидей тәсирли болып тыңлаўшысына жеткенде оларды да жылата алыўы мүмкин еди. Әне, усы нәрсени биз, шайырлар, қосық жазғанда да есапқа алыўымыз керек, жазған қосығымыздың өзимизди елжиреткени менен шекленсек, онда ишки туйғыларымыздың қағазға жүз процент түскенине исенген боламыз да, өзимизди өзимиз алдаймыз, ҳеш қашан, ҳеш шайыр ишки туйғысын жүз процент қағазға түсире алмайды. Асып барса 70-80 процент хатқа түседидағы, 30 процент туйғымыз сыртқа шықпай бизди алдап қалады. Соның ушын шайыр туйғыны жүзге емес, бир жүз отыз процентке жеткериўге ерисиўи керек. Сонда ғана оқыўшысының жүз процент тәсир ете алыўына ериседи.

Саўал:-Ҳәзир не жазып атырсыз?

-«Жаман шығанақ» деген роман екинши ислениўде. Усы мийнетти қолға алмасымнан алдын: «не жазаман!» деп ҳаўлыққан едим. Бийкар ҳаўлығыппан. Ойлағанымның үштен биринде хатқа түсире алмағаныма өкинишлимен. Буған, биринши гезекте, көлемниң созылып кетиўи, ал, көлемниң созылыўына болса ҳәр қандай жанрда да өзимниң эпик екенлигим себепши болды. Гәпти келтеден қайырыў ҳәм тоқ етерин айтыў уқыбымның жоқ екенлигин мойынлайман ҳәм көп ўақыт алғаным ушын усы арзымаған мийнеттиң баҳалаўшыларынан әпиў етиўлерин сорайман.

Жумыстың тийкарғы мақсетиниң бири-жазыўшының өмири менен тәғдири оның көркем шығармасында қандай из қалдыратуғынын айтыў еди, буны биз өз шығармаларымыздың мысалында бир нәўийе қамтыған болдық. Соншелли жаман аўдарылса да, бүгинги күни қәлеген қулақта стеоратипке (дурысы-стереотип) айланып кеткен Н.А.Некрасовтың:

…Шайыр болыў шәрт емес,

Азамат болыў ўазыйпаң…

-деген атақлы қатарлары бар емес пе! Буны:

Бәлким, шайыр бола алмассаң,

Ал, азамат болыў ўазыйпаң…

-деп аўдарғанда оригиналға тәўир-ақ жақынласқан болар еди. Қалай еткенде де жоқарыдағы аўдарма  да заманында өз оқыўшыларын қанаатландырып келген. Ҳәр дәўирде өз заманы поэзиясының раўажланыў ҳәўижине маслаў ушын-ақ, классикалық бир шығарманы қайта-қайта аўдарыў бурыннан бар. Аўдармадағы кемшиликти соңғы әўлад жөнлестире береди, буның бизге жуғысып кететуғын жери-шайыр болыў ушын биринши нәўбетте өзиңди әлпешлеп өсирген халықтың азаматы болыўда. Шын мәнисинде азаматы бола алмасаң, шайырлықтан тәме етиўдиң өзи маниловшылық. Ҳәр бир жазыўшының өмири, өмир бойы қәлиплескен көзқарасы оны қәлиплестирген заманның руўхында болатуғынындай, заманның руўхы да жазыўшының  руўхында, творчестволық тәғдиринде сәўлеленбей турмайды. Буған Максим Горький «Балалық шағ», «Мениң университетлерим», Сәбит Муқановтың «Мениң мектеплерим», Әмет Шамуратовтың «Ески мектепте», Николай Остросвскийдиң «Полат қалай шынықты», Дмитрий Фурмановтың «Чапаев» қусаған өзлери қаҳарман сыпатында тиккелей қатнасқан шығармаларын ғана емес, басқа шығармаларын да көплеп келтире бериў мүмкин. Усы көзқарастан өмиримизге тиккелей қатнасы болған бир қанша лирикамыздың жазылыў жағдайларына, «Көп еди кеткен тырналар» повестине кеңирек тоқталған болдық.

Ҳәр қандай саяхат, сапарлар жазыўшының өмирбаянын ғана емес, творчествосын да кеңейтеди. Мийнетимиздиң көпшилик бөлегин биз усы нәрсеге арнадық.

Ҳәр бир жазыўшы, шайыр ушын көркем аўдарма –ең жақсы шеберлик мектеби. Әдебиятқа араласқан жигирма бес жылдың ишинде С.Айнийдиң «Жетим» повестин, В.Короленконың «Жер астындағы балалар» повестин , Л.Толстойдың «Севастополь гүрриңлерин», А.С. Пушкинниң «Салтан патша ҳаққында ертегин», М.Лермонтовтың «Черкеслер» поэмасын, П. Ершовтың «Бүкир тай» ертегин А. Мәтжанның «Ғаўық қустың қыйғырғаны» китабын, Н.Некрасовтың  қосықлары ҳәм поэмаларынан ибарат «Жасыл шаўқым» топламын, Т.Г.Шевченконың , В.Жуковскийдиң, Р.Тагордың, К.Симоновтың, Р.Казакованың, Р.Отраның, А.Лашынлы, А.Яҳяевтың, Ш.Арысланның, Т.Таймасқановтың, М.Мухаммедовтың, Қ.Мырзалиевтың, А. Сурковтың, Р.Галимовтың ҳәм тағы басқа қырық-елиў жазыўшы, шайырлардың гүрриңлерин, қосықларын өз ана тилиме аўдарыў дәўиринде олар менен бираз «тәжирийбе алмастым».

Солардың бәри де маған бир нәрсе берип кетти, бирақ ең пайдалы тәсирин тийгизген Л.Толстой менен Н.А.Некрасовтың мийнетлерин аўдарғаным болды. Бириншиден, белгили дәрежеде олардың шеберликлериниң сырын үйрендим, екиншиден бул адамлардың ҳәр  сөзине эквивалент излей-излей өзимниң сөзлик қорымды недәўир дәрежеде байытыўға еристим. Иван Сергеевич Майоровтың «қарақалпақ тили жарлы»  деген гәпиниң бийкар екенине исендим. Бир сапары «Әмиўдәрья» журналына И.С.Тургеновтың бир шығармасын аўдарып алып келди. Оқып қарасам, Тургенов жазды дегенге дым исенбеймен, ҳәр сөзи сояўдай-сояўдай соррыйып, жаман баўланған жыңғыл отынды еслете берген соң Тургеновтың руўхынан қорыққанымнан аўдарманы «брак» қа шығарып тасладым. Марҳум И. Майоров ашыў менен: «Сен не деп отырсаң өзиң! Рус тили деген бир океан, мен океанды стаканға сыйдырып әкелип турсам , айтқан рахметиң усыма?! Тилиң жарлы болса, мен не қылайын» («Күнделиклер»ден, өзимиздиң үй архивимиз) демесин бе, ҳәзир мен аўдарған Л.Толстойдың «Севастополь гүрриңлери» н бир оқып қараң, қарақалпақ тили жарлы ма, бай ма, билебересиз! Онда елиў төрт сөзден соң ноқат қойдым, мен усы аўдармам менен емес, қарақалпақ тилиниң байлығы менен ҳәр қашан мақтана аламан. Усы мәселеге арнаўлы тоқтаў нийетим бар еди, «изде жасы үлкенлер күтип» турғанлықтан наўқан қурттай өзимди өзим жипекке орай бериўге уялдым. Қарақалпақ тилинде синонимлердиң көплигине соншелли ҳайран қаласаң, мәселен, «бродяга»  дегенди алайық, буны гезенде, саяқ, сайгелди, дегди, қаңғымай, гезбе, тентиреўик, тағы сол сыяқлы сөзлер менен ала бериўге болады. Оннан қалса сөзлердиң музыкалылығын, аңлатып турған буйымына усайтуғынын қәйтерсең, мысалы, «та-а-ў-ў»-түби  қомланып барып, шыңы сүйирленеди.

Айта берсең гәп көп, айтылмай қалғаны-мойнымызға қарыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги