Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын буннан былайда  жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқада институтларының алдына жаңа ўазыйпалар қойып, кең мүмкиншиликлер жаратып бериўи күтилмекте.

Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясының аймақлық бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте  усы пәрманда көрсетилген тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларды түсиндириў мақсетинде илаж болып өтти.

Илажға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық институтларының, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажда пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарлары, яғный, олардың жумысын жетилистириў, тараўларды раўажландырыўда имканиятларынан толық пайдаланыў, мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти жәнеде раўажландырыў, машқалаларды шешиўге байланыслы басламаларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў, пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды алып барыўды хошаметлеў сыяқлы бир қатар жаңа ўазыйпаларды қойып атырғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, пәрманда Олий Мажилс жанындағы жәмийетлик фонды ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы бөлимлери шөлкемлестирилиўи белгилеп өтилген. Фонд қаржыларын басқарыў ушын Парламент комиссиясы дүзилиўи, 2024-жылдың 1-сентябрьден баслап пуқаралық жәмийети институтларына мәмлекетлик субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ажыратыў бойынша бирден-бир электрон платформа иске түсирилиўи белгиленген.

Буннан кейин мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң ўәкиллери Президент пәрманы бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.

Әлбетте, бул пәрман пуқаралық жәмийети институтларының жәмийеттеги өз орнын еледе беккемлеў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўларын алып барыў, мәмлекетлик уйымлардың жанында шөлкемлестирилген жәмийетшилик кеңеслери баслықларының пуқаралық жәмийети институтының ўәкиллери арасынан тастыйықланыўы усаған бир қатар мүмкиншиликлерди жаратып бермекте.

Илаж соңында ассоциацияға жаңадан қабыл етилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерине ағзалық гүўалықлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының жумысларын раўажландырыўға қосып киятынған үлеси ушын бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерине Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агетлиги