Өзбекстан Республикасы Президенти  «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыўға белсенди нуранийлерди тартыў илажлары  ҳаққында»ғы қарар қабыл етти.

Оған муўапық, мәҳәллелерде үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе болған абырай-мәртебели үш белсенди нуранийди бес кәмбағал шаңараққа бириктириў арқалы  оларды  кәмбағаллықтан шығарыўға  жәрдем бериў ҳәм мәҳәлледе саламат турмыс тәризин ҳәм социаллық-руўхый орталықты қәлиплестириўге тартылады.

Белсенди нуранийлердиң тийкарғы ўазыйпасы төмендегилерден ибарат болады:

а) шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында:

шаңарақтағы қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, қыйтақ жерде жоқары дәраматлы  егин түрлери егилиўин шөлкемлестириў, егинлерди өсириў көнликпесин қәлиплестириў ҳәм жетистирилген өнимлердиң реализацияланыўына жәрдем бериў;

шаңарақты дәраматлы етиў ушын көшпели дүкан, киши өндирис үскенелерин ҳәм басқа зәрүр техника қуралларын бөлип төлеў шәрти менен ижараға алыўға жәрдем бериў;

кәмбағал шаңарақ перзентлерин, олардың қызығыўшылықларынан келип шығып  мәҳәллелердеги өнермент ҳәм усталарға шәкиртликке бириктириў, сондай-ақ, бул шаңарақлардың билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған перзентлерин оқыў үскенелери ҳәм  қураллары және спорт кийимлери менен тәмийинлеў, олардың қосымша сабақлар ҳәм дөгереклерге қатнасыўын шөлкемлестириў;

шаңарақтың социаллық шәртнамадағы миннетлемелерин орынлаў үстинен жәмийетлик қадағалаў орнатылыўын шөлкемлестириў;

б) мәҳәллелерде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында: мәҳәлледе пияда жүриў мәдениятын үгит-нәсиятлаў;

турақ жайлардың санитария жағдайын жақсылаўға ҳәм тазалықты сақлаўға, шаңарақ ағзаларын зыянлы әдетлерден ўаз кешиўге шақырыў;

кексе жастағы пуқаралар ушын сәйкес келетуғын спорт илажларын шөлкемлестириў, оларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға  тартыў, сондай-ақ,  спорт илажларында қатнасыўына байланыслы қәрежетлерин, соның ишинде, транспорт қәрежетлерин қаплап бериўди шөлкемлестириў;

в) ҳәр бир мәҳәлледе «нуранийлер ҳәм ата-аналар кеңеси»н шөлкемлестириў  арқалы мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында:

шаңарақларда аўызбиршилик ҳәм миллий  қәдириятларды беккемлеў, мәҳәллелерде өз-ара аўызбиршилик ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыў;

майыплығы болған, профилактикалық есапта турған ҳәм кем тәмийинленген шахсларды мәҳәллелердеги жәмәәтлик илажларға тартыў;

машқалалы ҳәм ериншеклик  кейпиятына түсип қалған шаңарақлар менен ислесиў.

Қарарға муўапық,  белсенди нуранийлерге кәмбағал шаңарақлар алты ай мүддетке бириктириледи ҳәм «мәҳәлле жетилиги» шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўда нуранийлерге жақыннан жәрдем береди.

Белсенди нуранийлер ҳәр айда мийнетке  ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50 проценти муғдарында хошамтленип барылады.

ӨзА