Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Вьетнамның «FPT Corporation» компаниясының президенти Тран Данг Хоа басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларды санластырыўға ҳәм бул жумысларға жасларды кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Ушырасыў даўамында МКТ тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, инвестиция киргизиў, алдыңғы билимлер алмасыўын жолға қойыў, қәнигелер таярлаў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги