«Еркин Қарақалпақстан» 100 жаста
Кәсиби басқа уллылар
Бул мақаламның қаҳарманы әпиўайы адам емес, сонлықтан да сөз басын неден басларымды билмей тубалап, нешше күннен берли ноутбукти бир ашып, бир жаўып «пирлериме» сыйынып, толғатқанымды мойынлаўым керек…
Жек Лондон жазыўды онша хош көрмейтуғынлығын бәрқулла айтып жүрген, жаслық ўақтында теңиз қарақшыларына қосылып, Беринг буғазы, Аляска, Тыныш океаны ҳәм Япония жағалаўларына саяхат еткен. Келгеннен соң жазған шығармалары Сан-Францискода шөлкемлестирилген очерклер жарысында жеңимпаз болған екен. Ал жазыўшы Марк Твенниң ҳақыйқый исми Сэмуэл Клеменс болған. Ол теңизши болғанлықтан, «Mark twain» – тереңликтиң өлшем бирлигин өзине әдебий лақап етип сайлаған. Детектив жанрының шебери Артур Конан Дойлдиң негизги кәсиби медик болған. оның белгили қаҳарманы Шерлок Холмстың прототипи болса, жазыўшының өзи болған екен. Негедур устазымыз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова ҳаққында мақала жазбақшы болғанымда усы уллы инсанлар есиме түсти. Өйткени, өмирде қайсы кәсипти ийелеўиңе қарамастан, тәғдириңе жазылған «миссия»ңнан алыслап ҳеш жаққа кете алмайсаң. Пердегүл апа да мине усы шынлықты өмири даўамында дәлийллеп, «диплом ушын» деп таңлаған кәсибинен емес, ал жаратылыстың бойына берген талантынан нан жеди, несийбесин шөпледи, соның менен бирге усы журналистикадан өзин тапты.
Қайралыў
Пердегүл апа өзиниң мақалаларында келтирип өткениндей, оны кәсиплеслери дәрриў қабыллай қоймаған. Жәмәәтте ҳәр қыйлы адам болады. Оның бахтына да усындай түрли минездеги адамлар дусласты, корректор болып ислеп жүрип мақала жазған дәслепки жыллары оны писент етпеўшилер көплеп табылар, ҳәттеки «сениң қолыңнан не келетуғын еди»,-деп жүзине айтқанлар да ушырасты. Усындай жағдайларда адам болып атырған ўақыяға бир тәрептен емес, ал ҳәр қыйлы ракурстан қарап билиў керек. Пердегүл апаның утқаны – өзине қарата айтылған бул гәплер оны тасқа қайрағандай қайрады, өзин менсинбеген адамларға «мен сизлерге жазыўды бир көрсетейин»-дегендей мақала жазыўға шынтлап кирисип, дүркин-дүркин мақалалар жазыўды баслады. Бир жаман нәрсениң, бир жақсы тәрепи болғанындай, бул қайралыўдан ол бүгин күшли журналист болып танылды. «Еркин»де өз мектебин жаратып кеткен Атажан Халмуратовтай белгили журналисттиң: «…оның медиклер әлемин ләрзеге салған критикалық мақаласы жүзлеген фельетон, критикалық мақалалар жазған мениң ѳзимди де есеңкиретип таслады…Қыз бала ѳзиңнен де алық шықса, турмыстың қыйын шәртлерине бағынып, баспа сѳзде қыпса сақлап келген бираз нәрселеримизди ол батыл айта алса… Аллатаала ѳзгешелеў етип берген талант ийеси болған оған унатып мақала жазыўдың ѳзи мүшкил ис»,-деп Пердегүл апаны шебер журналист сыпатында мойынлаған еди…
Суд очерклери
Газетада ислеўши ҳәр бир журналист қайсы темада көбирек мақала жазса, сол тараў бойынша түсиниги артып, жыллар даўамында қәлиплесип бара береди. Пердегүл апа жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық тараўлардың дерлик бәри бойынша, соның менен бирге ҳаял-қызлар темасында қунлы мақалалар жазды. Газетада ислеген тәжирийбемнен билемен, суд очеркин жазыўды бас редактор ҳәммеге де исенип тапсыра бермейди. «Еркин Қарақалпақстан» газетасында суд процесин жарытатуғын санаўлы журналист болған болса, солардың бири Пердегүл Хожамуратова еди. Инсан тәғдири менен байланыслы болған суд процесин жазыў аңсат ис емес, суд ҳүкимин қолыңа алып, оны оқый отырып, мақалаға қол урмай турып, жүз берген ўақыяны, ҳүким оқылған инсанның жынаятқа не себеп қол урғанлығын, изинде қалған перзентлер тәғдирин бәрин-бәрин ой тәрезиңнен өткерип, бөрттирместен, дәл-анық жарытыў үлкен шеберликти талап етеди. Газета оқыўшылары мақала астында анық оның аты-фамилиясы көрсетилмегени менен авторы сол екенлигин көп қыйналмастан аңлар еди…
Шәкиртлерине үгит-нәсияты
Бир күни жолда юридика факультетинде бирге оқыған жигиттиң: «қаланың ишине такси бар»,-деп турғанын көргенимде, «әттең, ғайыптан ешеги жорғалап кетип, бир саўатлы юристтиң орнын бәнтлеп оқыған екен-аў, таксистлик етип, дипломы шаң басып жатырған шығар»,-деген ойлар кешип еди. Пердегүл апаның мына пикирлеринен, жас қәлемлеслерине айтқан усы үгит-нәсиятынан соң оның менен бирдей пикирлейтуғын, руўхый дүньямыз жақын екенлигин және бир рет сезинген едим. «Мен дене тәрбиясы факультетинде бир жақсы спортшының орнын бәнтлеп оқығаным болмаса, соңынан усы кәсипке ѳтип кеттим. Сизлер де талантлы бир журналисттиң орнын бәнтлеп жүрген болмаң. Жуўырып ислеген ўақытларыңызда табаныңыздан от шықсын, ҳәр бир мақалаңызда қәлемиңиз қайралсын. Ығып жүре беретуғын «мылым» журналист болмаң, жарқ етип көринетуғын мақала жазың!»
Сөз саплаўдың шебери
Қолына микрофон, диктофон, ручка услаған ҳәр бир журналисттиң ең дәслеп сөз саплаў таланты болыўы тийис. Айтар сөзи, жеке пикири болмаса ол журналист ҳеш қашан тән алынбайды. Ал айтажақ ойыңды тыңлаўшының ямаса оқыўшының жан жерине жеткерип, сөзлерди шеберлик пенен қоллана алыў бул сол журналисттиң айрықшалығы, талантынан дерек береди.
Пердегүл апада мақалаларында сондай «сыйқырлы», оқып отырғаныңда ишиңди «ғыдықлап» жиберетуғын сөзлерди пайдаланыў арқалы өзиниң мақаласын мазмунлы етип, сүўретлеў усылын қызық етип пайдалана алады.
«…Кемпирлер толғатып атырған келинин бир көрип, өзлеринше «консилиум» өткерип: «Еле қайда? Келистирип ширене берме! Соңырақ келемиз» деп кетип қалар еди…» Мәселен мына мемуарында «консилиум» деген бир сөздиң өзи менен-ақ сол мәўритлерди көз алдыңа қызықлы етип сәўлелендирип бере алған. Оның ҳәр бир шығармасын усы бағдарда илимий жақтан таллаў мүмкин. Және бир кеўлиме «отырған» жери – нағыз қарақалпақларға тән болған ушырма сөзлер, лаққышылық, ҳәзил-дәлкек сөзлерден орынлы пайдалана алыўы, қарақалпақ халқына тән үрп-әдет-дәстүрлер, ырымлар, оларды қай жерде қолланғанлығы дәл-анық етип сүўретленген. Ол ҳаққында мақала жазыў себеби менен дөретиўшилигин үйрене отырып, өзбекшелеп айтқанда Пердегүл апаны қайтадан «кашф этдим».
Кәсип заўқы
Журналистика ТОП 10 қәўипли кәсиплердиң қатарына киргизилген. Бул қурылысшы, өрт өшириўши, полиция, кәнши, медик сыяқлы кәсиплердиң қатарында жумыс бабында қәўип туўыўы мүмкин дегени. Бирақ соған қарамастан бизиң кәсибимиз басқаларда ушырамайтуғын, басқалар сезине алмайтуғын, өзгеше заўық ала алатуғын әжайып кәсип. Көшеде ким менендур көрисип қалып оның: «Кешеги мақалаңды зор етип жазыпсаң»,-деген бир аўыз сөзиниң салмағы көкирегиңе таққан орденнен аўыррақ. Сол күни «жетинши аспанда» ушып жүресең. Пердегүл апаның өзи де тән алған буны. «Жүз жыллыққа байланыслы жазған мақалаларым бойынша көп пикирлер билдирип атыр. Филология илимлериниң докторы Тамара Машарипова маған: «Өлилерди тирилтип, тирилерди тахтқа миндирип атырсыз апа»,-деп жазған. Бул гәптен йошланып, сол күни және бир мақала жазып таслағанман»,-дейди Пердегүл апа.
Пердегүл апаны сырттан қараған адам напақада үйинде ақлық бағып отырған кемпир апа деп билиўи мүмкин. Бирақ бул пүткиллей ондай емес. Ол ҳәзир әйне ашылысыў ўақтында. «Ет бетинен түсип, дастана» дөретиўшилик етип атырған күнлерин бастан кеширип атыр. Газетаның ҳәр бир санында «Еркин Қарақалпақстан» газетасы 100 жаста» рубрикасы астында жәрияланып атырған бирге ислеген кәсиплеслери ҳаққындағы мақалалары бул сөзимниң дәлийли.
«Адамның басшысы – ақыл, жетекшиси – талап, жолаўшысы – ой, жолдасы – кәсип, қорғаны – сабыр, қорғаўшысы – минез, сынаўшысы – халық»,-дейди Саққулақ бий. Жаратқан бизге усы жети нәрсени берген екен, демек биз өмирге келгендеги мақсетимизди терең сезинемиз. Пердегүл апада нағыз қарақалпақы минез, ақыллылық, салмақлы сөз, ҳаялға тән әжайып пазыйлет бар. Көпти көрген ата-баба бул өмирде жети жетим бар дейди, соның бири тыңламаған сөз жетим екен. Ал оның усы – сөзди жетим қылмаған, жарқыраған жулдыздың сәўлесиндей ҳәр бир оқыўшының кеўлине руўхый жыллылық алып кире алатуғын шебер журналист бола алғанлығына ҳәўес етпектемиз…
Қундыз Жумағалиева, журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги