14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни. Быйыл Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 33 жыл толады. Өткен дәўирде Өзбекстан армиясы елимиздиң тынышлығын сақлаў, халқымыздың парахатлығын тәмийинлеўде беккем сүйенишке айланды.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Ўатан – әзиз, мәртлик – мәңги!» республикалық таңлаўының жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамының илажлары шеңберинде өткерилген бул мәресимде Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы ў.а. Холмурод Салимов сөзге шығып, мәмлекетимизде қорғаныў системасында әмелге асырылып атырған реформаларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, таңлаўға усыныс етилген шығармаларда «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекеттиң сүйениши, халқымыздың мақтанышы!» деген ийгиликли идея жәмленген болып, Жаңа Өзбекстанды қурыўда тынышлық оғада әҳмийетли екенлиги, «Халық ҳәм армия – бир тән бир жан!» принципи турмысымызда турақлы болып атырғаны, шегараларымыздың қол қатылмаслығын қорғаў, жанажан Ўатанымыздың ғәрезсизлиги ҳәм суверенитетин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын күшейтиў, бәрқулла сақ болып жасаўға шақырыў сыяқлы темалар кеңнен сәўлеленген.
Бул таңлаўда жүзден аслам журналист, жазыўшы ҳәм шайыр қатнасты. Төрешилердиң жуўмағына бола, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң журналистлик материаллары – телерадио, баспа басылымлары ҳәм интернет журналистикасы, сондай-ақ, жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары бойынша улыўма 8 дөретиўши жеңимпаз деп табылды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА