Ташкентте “Өзбекстан – Россия өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын излеп…” темасында халықаралық конференция өз жумысын баслады.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) ҳәм Россия Илимлер академиясы Е.М.Примаков атындағы Жәҳән экономикалық ҳәм халықаралық байланыслар институты менен биргеликте ислесиўинде шөлкемлестирилген илажда еки мәмлекеттиң жетекши таллаў ҳәм изертлеў ўәкиллери қатнасып атыр.

Конференцияда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы түрли тараўлардағы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм байланысларды және де раўажландырыў перспективасы бойынша пикир алысылады.

Ҳәзирге шекем сөзге шыққан қәнигелер Россия Президентиниң Өзбекстанға сапарының жуўмақларына айрықша итибар қаратты.

Конференция  интакерлери – еки мәмлекеттиң жетекши таллаў структуралары басшылығында Өзбекстан –Россия экспертлери кеңесине тийкар салыныўы усы конференцияда ерисилетуғын  тийкарғы нәтийжелерден бири болатуғыны күтилмекте.

                                                                                                       ӨзА