Ҳәпийза (аты өзгертилген) 1989-жылы Қанлыкөл районында туўылған. Турмысқа шығып, өмирлик жолдасы ҳәм балалары менен Кегейли районында жасай баслады. Оның еки перзенти бар, күйеўи де бала-шағасын бағаман деп сырт еллерге жумыс ислеўге кетти. Күйеў сыртта жумыс ислесе де гейде бар, гейде жоқ болып, уллары менен жетер-жетпесликте жасады. Той-мереке, барыс-келис дегендей, бизиң халықтың шақырығы көпғой…

Гейде бир тойға барса, гейде бир тойдан қалып жүрди. Қоңсы-қобаларына қарап, ол да үйин жақсы дүзеткиси, балаларын тоқлықта өсиргиси келди, бирақ бул ушын ол аңсат қыңыр жолды таңлады. Илгери әп-әнедей болып, күйеўиниң тапқанына қанаат етип, өзи жумыссыз балаларына қарап үйде отырды. 2021-жылы январь айында түски ўақытта қоӊсысы Зийбаның үйине бирге чай ишип отырыў ушын барып, үйинде басқа адам жоқлығынан пайдаланып, оның залына кирип, сол жердеги кийим илдиргиште илдириўли турған қара сумканың ишинде турған 1 дана 583 пробалы неке жүзиги пенен 1 дана 583 пробалы қызыл қаслы алтын жүзигин алып, қалтасына жасырын салып урлап кетеди. Сөйтип оны, Нөкис қаласындағы  Дийқан базарында бийтаныс қарыйдарға сатып кетеди.

Арадан азырақ ўақыт өткеннен соң, яғный 2022-жылы май айында үйине қонақ келетуғын болып, түски ўақытта қоӊсысы Гүлсәўирдиң үйине қазан сорап барады. Гүлсәўирдиң өзи де кешки қонаққа таярланып, асханада баўырсақ писирип атырғанлықтан “Ҳәпийза, әне қазан өзиң алып кетебер” дейди. Ҳәпийзаның көзи асханадағы ысытыў батареясының үстинде турған Гүлсәўирдиң “583” пробалы үш қаслы неке жүзигине түседи ҳәм оны оған билдирместен жүзикти қалтасына салып, урлап алып кетеди. Сөйтип сол жүзикти Нөкис дийқан базарына алып барып, өзине бийтаныс болған қарыйдарға “өзимниӊ затым, урлық емес” деп, 250.000 сум ға сатып кетеди.

Ал, 2022-жылдың сентябрь айында болса түски ўақытта үйинде суў таўсылғанлығы себепли, қоӊсысы Зернештиң үйине ишимлик суўын алыў ушын барып, оныӊ суў краны жайыныӊ ишкерисинде жайласқанлығынан, үйиниӊ есиги болса ашық ҳалатта турғанлығынан, оның үстине үйинде ҳеш ким жоқлығынан пайдаланып, үйдиӊ жатақхана бөлмесине кирип, усы бөлмедеги стенканыӊ ишиндеги стакан ишинде турған 1 дана “583” пробалы 10 граммлық алтын цепочканы урлап алып, оны қалаға апарып  1.000.000 сумға сатады.

Буның менен шекленбей, Ҳәпийза  2022-жылы ноябрь айында  түски ўақытта Халқабад елатындағы шаӊарақлық поликлиникада бирге жумыс ислейтуғын кәсиплеслери менен бирге Гүлшийраның үйине мийманға барады, отырыспақ таўылғаннан кейин келген қызлар ҳәммеси оныӊ үйин жыйнастырып, тазалап кететуғын болады. Ҳәпийза “үйренген әдети” бойынша Гүлшийрадан “кийиӯ ушын халатыӊ барма, берип тур” деп сорап, соӊ үйлерин жыйнастырып, тазалап болып, халатты шешиў ушын оның жатақханасына кирип, усы бөлмедеги шифонердиӊ ишинде турған 1 дана бес қаслы “583” пробалы алтын жүзик пенен 1 дана ақ қаслы “585” пробалы алтын жүзикти қалтасына салып урлап кетеди. Арадан  1-2 күн ўақыт өткерип, бул жүзиклерди Нөкистеги Дийқан базарына алып барып, бир бийтаныс адамға екеўин жәми 2.000.000 сумға сатып кетеди. Буннан басқа, ол 2023-жылдың февраль, март, июнь, сентябрь, октябрь айларында өзиниң таныслары, қоңсы ҳәм кәсиплеслериниң үйлерине гейде қонаққа, гейда зат сорап барып, ҳаял-қызларға тийисли болған алтын тағыншақларды урлап, көтерген баҳасына сатып, өзиниң мәпине жумсап жибереди. Өзиниң бул жынайый ис-ҳәрекети менен Ҳәнийпа урлыққа түскен танысларына жәми 34 миллион 300 мың сумлық материаллық зыян жеткерди.

Әлбетте, қашанға шекем ол урлық ислеп, жазасыз жүрсин! “Гүзе күнде емес, күнинде сынады” дегениндей, бир күни Ҳәпийза гезектеги алтын урлығы үстинде ҳуқық қорғаў хызметкерлери тәрепинен қолға алынады. Тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылып, бул жынаят иси судта көрип шығылды.

Дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими “а” бәнти менен айыпланған Ҳәпийзаныӊ қарсысына топланған жынаят иси ашық суд мәжилисинде көрип шығылды.

Суд, судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилердиӊ көрсетпелерин, тәреплердиң пикирлерин, судланыўшының жарыс ҳәм ақырғы сөзлерин тыңлап, жынаят иси ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте топланған дәлиллерге баҳа берип, судланыўшы Ҳәпийза Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бѳлими “а” бәнтинде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, 5 (бес) жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Жаза тайынлаўда, оның айыбын толық мойынлап, кеширим сорап турғанлығын, пушайманлығын, алдын судланбағанлығын ҳәм жынайый жуўапкершиликке тартылмағанлығын, жәбирлениўшилерге келтирген зыянларды толығы менен қаплап бергенлигин ҳәм олардыӊ кеширим берип турғанлығын, бул жынаяттың  жәмийетлик қәўиплилик дәрежесин, судланыўшының шахсын, ҳаял адам екенлигин, қарамағында 3 ер жетпеген перзенти барлығын, жынаятты жетиспеўшиликтен ислегенлигин ҳәм шаӊарақлық жағдайын, шаӊарағы кем тәмийнленгенлер дизиминде туратуғынлығын, истеги жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы жағдайларды итибарға алған ҳалда, жоқарыдағы жағдайларды қылмыстың жәмийетлик қәўиплик дәрежесин анағурлым кемейтиўши жағдайлар сыпатында баҳалап, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлиминиӊ “а” бәнти санкциясында нәзерде тутылған еркинен айырыў жазасын тайынлаўды, қылмыстың жәмийетлик қәўиплик дәрежесин кемейтириўши жағдайларды итибарға алған ҳалда, судланыўшы Ҳәпийзаны тайынланған жазаны өтеместен турыпта оның минез-қулқын бақлаў арқалы дүзетиў мүмкин деген жуўмаққа келип, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 72-статьясын қолланып, тайынланған жазаны шәртлиликке алмастырып, шәртли ҳүким етиўди, оған қолланылған “жеке кепиллик” тәризиндеги бас шарасын бийкар етип судланыўшы Ҳәпийзаны шәртли ҳүким етиўде оған ўақты-ўақты менен Кегейли районы ишки ислер бөлимине келип дизимнен өтип турыў, егер жасайтуғын яки жумыс орны өзгерип қалса үстинен бақлаўды әмелге асырыўшы уйымға хабар бериў миннетлемелерин жүклеўди ҳәм оған Өзбекстан Республикасы Жынат кодексиниң 72-статьясы 6-бәнти талапларын түсиндириўди лазым тапты.

Әлбетте, суд тәрепинен  Ҳәпийзаға берилген бул жеңиллик оның ислеген қылмысларынан дурыс жуўмақ шығарып, ендиги жағында перзентлерин ҳадал мийнети менен бағыўға тийкар болса тәәжип емес…

Райса БЕКМУРАТОВА,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги