Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде өсип киятырған жаңа әўлад ўәкиллерине ҳәр тәреплеме итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў, олардың ийгиликли умтылысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, еркин пикирлейтуғын, шаққан ҳәм кең дүньяқарасқа ийе болған ул-қызларды тәрбиялаў бағдарындағы ислерге мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдары сыпатында айрықша итибар берилмекте.

Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстан жаслары өз күши ҳәм имканиятларын үлкен жетискенликлер менен шеклерге ерисиў жолында жумсап, Ўатанымыздың раўажланыўын жоқарылатыў, Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыўға байланыслы жоқары күш-ғайратын айқын көрсетпекте.

Өзиниң жоқары интеллектуаллық потенциалы, талант ҳәм излениўшеңлиги, интакерлиги ҳәм жетекшилиги менен жасларды терең билим алыўға, илим сырларын ийелеўге үйретип киятырған, олар арасындағы саламат илимий-ағартыўшылық бәсеки орталығын қәлиплестириў, китапқумарлықты үгит нәсиятлаў ҳәм раўажландырыў, уллы бабаларымызға мүнәсип болған бәркамал әўладты камалға келтириўде перзентлеримизге  айрықша өрнек ҳәм  үлги болып атырған, «Заковат» интеллектуаллық клубының қызғын ҳәм  маўасасыз жарысларында қатнасып, жеңисти қолға киргизгени және де профессионал билимданлар қатарын кеңейтиўге үлкен үлес қосып атырғаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

  «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен

Абдуллаев Абдурасул Муминович- «Заковат» интеллектуаллық клубы» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң директоры

«Келажак бунёдкори» медалы менен

Жуманов Беҳзод Турсунович – Гурлен районындағы 10-улыўма орта билим бериў мектебиниң тарийх пәни оқытыўшысы, Хорезм ўәлаяты

Ходжаев Навруз Азаматович-Үргенш қаласындағы жеке тәртиптеги исбилермен, Хорезм ўәлаяты

Ходжаев Ферузбек Каҳрамон улы – «Ишонч» дүканлар тамағының Хийўа филиалы басқарыўшысы, Хорезм ўәлаяты

«Шуҳрат» медалы менен

Маткаримов Азамат Хурматович – Хийўа қаласындағы Президент мектебиниң информатика пәни оқытыўшысы, Хорезм ўәлаяты

Тажиев Жамоладдин Нурлаевич – Хийўа қаласындағы жеке тәртиптеги исбилермен, Хорезм ўәлаяты

Ҳасанов Шодлик Бекпўлатович – Хорезм Маъмун академиясы баслығының илимий ислер бойынша орынбасары, Хорезм ўәлаяты

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 12-октябрь