Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасында туризм, мәдеий мийрас ҳәм музейтаныў тараўларында халықаралық стандартларға сай үзликсиз билимлендириў системасын және де жетилистириў, мийнет базарының заманагөй талапларына муўапық жоқары маманлықтағы бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў процесин жолға қойыў, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң:

а) «Жипек жолы» туризм халықаралық университетин «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университети деп қайта атаў;

б) «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетин (кейинги орынларда – Университет) Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине ағза мәмлекетлердиң туризм, мәдений мийрасты басқарыў ҳәм музейтаныў тараўларында кадрлар таярлайтуғын таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси және бул тараўларды илимий ҳәм инновациялық изертлеў бойынша илимий мәкемеге айландырыў;

в) төмендегилерди:

2022-2023-оқыў жылынан баслап Шаҳрисабз, Марғылан ҳәм Хийўа туризм ҳәм сервис колледжлери тийкарында жоқары билимлендириў системасы менен интеграцияласқан билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлайтуғын Шаҳрисабз, Марғылан ҳәм Хийўа туризм ҳәм мәдений мийрас техникумларын (кейинги орынларда – Мәдений мийрас техникумлары) шөлкемлестириў;

Самарқанд туризм ҳәм сервис техникумын Самарқанд туризм ҳәм мәдений мийрас техникумы және Бухара туризм техникумын Бухара туризм ҳәм мәдений мийрас техникумы деп қайта атаў;

Туризмди раўажландырыў институты, Мәдений мийрас техникумлары, Әндижан, Зомин ҳәм Бостанлық туризм ҳәм сервис  колледжлери және Ташкент туризм ҳәм бизнес  колледжин Туризм ҳәм спорт министрлиги структурасынан Университет структурасына өткериў;

г) Ташкент туризм ҳәм сервис колледжи тийкарында Университеттиң Ташкент филиалын шөлкемлестириў;

д) Университетти Мәдений мийрас агентлиги жанындағы Самарқанд археология институтының илимий ҳәм инновациялық изертлеўлер тараўындағы және методикалық бағдарлардағы жумысын муўапықластырыўшы ўәкилликли уйым етип белгилеў;

е) «Жипек жолы» мәмлекетлериниң тарийхы, көркем өнери ҳәм цивилизацияларын изертлеў ҳәм көрсетиў ушын Университет жанында:

«Жипек жолы» халықаралық изертлеў институты;

«Жипек жолы» музейи;

«Жипек жолы» арт-резиденциясы;

«Жипек жолы» көркем өнер галереясы;

Реставраторларды қайтадан оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Төмендегилер:

«Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетиниң  шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;

«Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетиниң жумысын және де жетилистириў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

«Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университети Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. а) Университеттиң Қәўендерлик кеңесине:

Туризмди раўажландырыў институты, «Жипек жолы» халықаралық изертлеў институты, «Жипек жолы» музейи, «Жипек жолы» арт-резиденциясы, «Жипек жолы» көркем өнер галереясы және Реставраторларды қайта оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының структуралары ҳәм режелерин тастыйықлаў, сондай-ақ, олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын белгилеў;

Туризмди раўажландырыў институты, «Жипек жолы» халықаралық изертлеў институты, «Жипек жолы» музейи, «Жипек жолы» арт-резиденциясы, «Жипек жолы» көркем өнер галереясы және Реставраторларды қайта оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы директорын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў;

Университтетиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан хызметкерлерге олардың жумыс көлеми ҳәм нәтийжелилигин есапқа алған ҳалда лаўазым мийнет ҳақысының 200 процентине шекемги муғдарда қосымша айлық үстемелер белгилеў;

Университет бас менеджери ҳәм ректорының ўазыйпалары менен функцияларын тастыйықлаў ҳуқықы бериледи;

б) ҳәр жылы Университетке Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы ҳәм Түркий тиллес мәмлекетлердиң Бирге ислесиў Кеңесине ағза мәмлекетлер пуқараларына магистратурада мәмлекетлик грант тийкарында оқыўы ушын 85 орын ажыратылады.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги Университеттиң Сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм излениўшилери ушын турақ жай сыпатында 20 турақ жай ажыратып берилиўин тәмийинлесин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте:

а) Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте:

Самарқанд ветеринария медицинасы институтына қараслы, Самарқанд қаласы, Махмуд Қашғарий көшеси, 85/а-жай мәнзилинде жайласқан, оқыў процесинде пайдаланылмай атырған имаратты «Жипек жолы» арт-резиденциясына;

Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигине қараслы, Самарқанд қаласы, Нодирабегим көшеси, 4а-жай мәнзилинде жайласқан жатақхана имаратын Самарқанд ветеринария медицинасы институтына;

б) Кинематография агентлиги менен биргеликте Самарқанд қаласы, Беруний көшеси, 1-жай мәнзилинде жайласқан бурынғы кинотеатр имаратын «Жипек жолы» көркем өнер галереясына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул өткерип берилиўин тәмийинлесин.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Кинематография агентлиги бир ай мүддетте усы бәнтте келтирилген имарат ҳәм объектлерди бийпул өткерип бериў бойынша қабыллаў-тапсырыў акти рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

туризм, мәдений мийрас ҳәм музейтаныў тараўларындағы перспективалы қәнигелер, әсиресе педагоглар, илимий кадрлар ҳәм реставраторларды сайлап алыў ҳәм олардың оқыўын шөлкемлестириў ушын «Эл-юрт умиди» қорының  2022-2026-жыллары сырт елдеги абырайлы билимлендириў мәкемелеринде туризм, мәдений мийрас ҳәм музейтаныў бағдарларында докторантура (PhD) ҳәм магистратурада оқытыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) енгизиледи;

Бағдарлама шеңберинде қәнигелерди сырт еллердиң абырайлы билимлендириў ҳәм илимий мәкемелерине оқыўға жибериў «Эл-юрт умиди» қорының қаржылары есабынан сырт елде оқыў ушын талабанларды сайлап алыў тәртибине муўапық әмелге асырылады;

Бағдарлама шеңберинде 50 қәбилетли қәнигелер, соның ишинде, олардың 40 ы магистратура басқышында ҳәм 10 ы докторантура (PhD) басқышында оқытылады;

Бағдарлама шеңберинде сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде оқып, магистратура ҳәм докторантураны питкерип қайтқан қәнигелерге Туризм ҳәм спорт министрлигиниң жолламасы тийкарында билимлендириў мәкемелери және мәдений мийрас ҳәм музейтаныў тараўларындағы шөлкемлерде кеминде 5 жыл даўамында үзиликсиз жумыс алып барыў ямаса сырт елде билим алыў қәрежетлерин 12 ай даўамында еки есе муғдарында «Эл-юрт умиди» қорына қайтарыў миннетлемеси жүкленеди.

  1. а) Мәдений мийрас техникумларының жумысын қаржыландырыў:

Өзбекстан республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

б) Туризмди раўажландырыў институтының жумысын қаржыландырыў;

объектлер менен имаратларды сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў, сондай-ақ, Институт хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар;

мәмлекетлик илимий бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ажыратылған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары;

Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қоры;

илимий-изертлеў, мәлимлеме-таллаў жумысларын әмелге асырыўдан, шәртнама тийкарында орынланатуғын билимлендириў ҳәм басқа да хызметлерден түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

в) «Жипек жолы» халықаралық изертлеў институты, «Жипек жолы» музейи, «Жипек жолы» көркем өнер галереясы және Реставраторларды қайта оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының жумысын қаржыландырыў:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

илимий-изертлеў, мәлимлеме-таллаў жумысларын әмелге асырыўдан, шәртнама тийкарында орынланатуғын хызметлерден түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

г) Университеттиң Ташкент филиалының жумысын қаржыландырыў:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден  түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

халықаралық финанс институтларының грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны  белгиленсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги:

Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Университет китапханасы, оның шөлкемлестириў структурасына киретуғын техникумлар ҳәм колледжлер және Туризмди раўажландырыў институтының лабораториясын заманагөй үскенелер ҳәм комплектлеўши бөлеклер менен тәмийинлеў бойынша усыныс ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем Университет жанындағы «Жипек жолы» музейи, «Жипек жолы» арт-резиденциясы, «Жипек жолы» көркем өнер галереясы және Реставраторларды қайта оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының жумысын шөлкемлестириў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-майға шекем Ташкент туризм ҳәм сервис колледжи тийкарында Университеттиң Ташкент филиалын шөлкемлестириў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте Университеттиң Ташкент филиалы және усы қарарға муўапық Самарқанд ветеринария медицинасы институтына берилип атырған имарат ҳәм объектлердиң реконструкция ислеў ушын Өзбекстан Республикасының 2021-2023-жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламаға киргизилиўин тәмийинлесин.

8.Қаржы министрлиги:

«Жипек жолы» халықаралық изертлеў институты, «Жипек жолы» музейи, «Жипек жолы» арт-резиденциясы, «Жипек жолы» көркем өнер галереясы, Реставраторларды қайта оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы, Университеттиң  Ташкент филиалы ҳәм шөлкемлестириў структурасына киретуғын техникумлар менен колледжлер және Туризмди раўажландырыў институтын сақлаў қәрежетлери ушын 2022-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде қаржы ажыратылыўын;

2022-жылдан 2026-жылға шекем ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде «Эл-юрт умиди» қорына Бағдарлама шеңберинде абырайлы билимлендириў ҳәм илимий мәкемелерде докторантура (PhD) ҳәм магистратурада оқытыў ушын қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.

9.Сыртқы ислер министрлиги:

Университет профессор-оқытыўшылары, Туризмди раўажландырыў институты хызметкерлериниң жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкмелеринде тәжирийбе арттырыў ҳәм әмелиятын шөлкемлестириўде, сондай-ақ, алдыңғы сырт ел билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери менен халықаралық байланысларды орнатыўда Туризм ҳәм спорт министрлигине әмелий жәрдем көрсетсин;

Туризм ҳәм спорт министрлигиниң буйыртпасына бола Университет, Мәдений мийрас техникумлары ҳәм Туризмди раўажландырыў институтының илимий ҳәм оқыў процесинде қатнасатуғын сырт ел қәнигелерине, профессор-оқытыўшыларға ҳәм илимий хызметкерлерге кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирилместен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем жетекши  сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң тәжирийбесин үйренип, кадрлар буйыртпашысы болған шөлкемлердиң усынысын есапқа алған ҳалда, туризм, мәдений мийрас ҳәм музейтаныў тараўындағы билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, маманлық талаплары, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларын қайта көрип шықсын ҳәм тастыйықласын;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-июньге шекем Мәдений мийрас техникумлары және туризм ҳәм сервис колледжлерине сырт елли бирге ислесиўши шөлкемлерди тартыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын түсиндириў бойынша ғалаба хабар қуралларында мақалалар жәрияланыўы ҳәм тематикалық көрсетиўлердиң шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Туризм ҳәм спорт министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минисртлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Ў.Аккулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 30-октябрь