Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» атамасындағы дослық фестивалының екинши күни де жоқары шөлкемлескенлик пенен даўам етти,-деп хабар бермекте институт баспасөз хызмети хаткери И.Матеков.

Илажда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров, «Нураный» қоры Нөкис қалалық кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, соның менен бирге, республикамызда жумыс алып барып атырған миллий-мәдений орайлардың ўәкиллери, институт профессор-оқытыўшылары ҳәм белсенди студентлер сөзге шығып, елимизде барлық миллет ҳәм халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаў және раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылғанлығы, мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр қыйлы миллетлер арасында өз-ара мийрим-шәпәәтти буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

– Институтымызда усындай илажлардың тез-тез шөлкемлестирилип атырғанлығынан қуўанышлымыз,-дейди студентлердиң бири. –  Инстититутымыздағы студентлер арасында қарақалпақлардан басқа және өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс, қырғыз, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы онлаған миллет ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте оқымақта. Бәримиз келешектеги педагоглармыз, доспыз, кәсиплеспиз. Биз барлық халықлардың тили, мәденияты, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет пенен қараўымыз керек.

Мәмлекетимиздеги бир жүз отыздан аслам миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери бир шаңарақтың перзентлериндей татыўлықта, аўызбиршиликте жасап, түрли тараўларда нәтийжели мийнет етип атырғанын айқын сәўлелендирген фестивальда республикамыздағы миллий-мәдений орайлар, белгили өнерментлер, сондай-ақ, институтта оқып, билим алып атырған түрли миллет ўәкиллери, шебер студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелери шөлкемлестирилди.

Фестиваль институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм талантлы студентлериниң атқарыўындағы түрли миллет ўәкиллериниң қосықлары, аяқ-ойынларынан ибарат концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги