Жәмийетимизде жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм студент-жаслар арасында бундай қәўипли иллетке қарсы иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде, бүгин Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Биргеликте коррупцияны тоқтата аламыз» атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бас қәнигеси Н.Бердиниязова, филиал профилактика инспекторы, капитан Р.Исмайлов, Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бөлими бас қәнигеси Н.Раманкулов, юрисконсульт М.Сағындыков, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Б.Сабиров ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Онда сөзге шықанлар тәрепинен коррупция ҳәм оның унамсыз ақыбетлери, жәмийетимиздиң раўажланыўы ушын келтиретуғын кери тәсири, бул иллеттиң дузағына түскен пуқараларға нызамшылықта белгиленген жуўапкершилик ҳаққында жасларға кең түрде түсиниклер берилди.

Ушырасыўда қатнасыўшылар тараў қәнигелерине коррупция бойынша бир қатар сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги