Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инстититутыныӊ Елликқала педагогика фақультетинде Өзбекстан халық шайыры  Муҳаммад Юсуф туўылғаныныӊ 70 жыллығына бағышланып “Муҳаммад Юсуф ели ардақлаған шайыр” атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Илаж шайыр естелигине гүл-шеӊберлерин қойыў менен басланды.

Буннан кейин район ҳәкиминиӊ орынбасары У.Ражапбаев, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайыныӊ баслығы А.Матниязова ҳәм басқа да сөзге шыққанлар шайыр қосықларыныӊ өзине тәнлиги, оныӊ дөретиўшилигин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша пикирлерин билдирди. Өзбекстан халық шайыры  Муҳаммад Юсуф өзиниӊ бийтәкирар әжайып қосықлары менен халқымыздыӊ кеўлинен тереӊ орын алған дөретиўши еди. Сонлықтанда ол өзбек әдебиятыныӊ тереӊ ҳүрметке ерисе алған мийнеткеш ўәкиллеринен бири болды. Анаға ҳүрмет, Ўатанға муҳаббат шайыр дөретиўшилигиниӊ гүлтажы болғанлығы атап өтилди.

Шайыр қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы бәршеге көтериӊки кейпият бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги