Әжинияз атандығы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқала педагогикалық факультетинде Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновлардың туўылған күнине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Шығып сөйлеўшилер Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновлардың қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән әдебиятындағы тутқан орнына, шығармаларының мазмун-мәнисине, олардың жаслар тәрбиясындағы орнына тоқтап өтти.

Илажда студент-жаслар шайыр шығармаларынан үзиндилер оқып, жазыўшының шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринислерин қойып берилди.