«15-май –Халықаралық шаңарақ күни» елимизде кең түрде белгиленип келинбекте. Усы мүнәсибет пенен  Хожели районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен районлық кәсип-өнер мектебинде  “Еӊ үлгили шаӊарақ” атамасында таңлаў болып өтти.

Оған райондығы  төрт сектор аймағынан ең үлгили шаӊарақлар қатнасып, таңлаў шәртлери бойынша өз-ара беллести. Беллесиў жуўмағында  “Қулаб” аўыл пуқаралар жыйынынан қатнасқан Аметовлар шанарағы биринши орынды ийелеп, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги