2024-жылдың 3 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы салық төлеўшилер тәрепинен 656,7 миллиард сум муғдарында салық төленип, белгиленген прогноз режеси 11,4 миллиард сумға артығы менен орынланған ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 112,9 процент өсимге ерисилген.

Бюджетке бағдарланған қаржылардың тийкарғы бөлеги 539,4 миллиард сум ямаса 82.1 проценти юридикалық, 117.2 миллиард сум ямаса 17,8 проценти физикалық тәреплердиң есабына туўра келди.

Салықлар түрлери бойынша таллап көрилгенде, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда, сегиз салық түринде өсиў болды.

– Атап айтқанда, жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық 5 миллиард 273,8 миллион (115,2 %), мүлк салығы 35 миллиард 933,2 миллион (141,2 %), физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 246 миллиард 836,4 миллион (115,8 %), жер салығы 66 миллиард 155,5 миллион (107,6 %), акциз салығы 50 миллиард 652,3 миллион (178,8 %) сумға өскен,-дейди  Салық басқармасының жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторының бас инспекторы Д.Айымбетова.

Сондай-ақ, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қатаң белгиленген салық 4 миллиард 659,4 миллион (112,3 %), айланыстан алынатуғын салық 16 миллиард 803,2 миллион (116,3 %), юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы 41 миллиард 389,1 миллион (124,3 %) сумға өсти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги