Шоманай районындағы қәнигелестирилген мектептиң 11-класс оқыўшысы Нелюфар Якупбаева Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы билим ҳәм тәжирийбелерди баҳалаў агентлигиниң улыўма билимлендириў химия ҳәм биология пәнлерин билиў дәрежеси ҳаққындағы миллий сертификатты қолға киргизди.

– Бул дегени Якупбаева Нелюфар мүддетинен алдын студент болды, дегени-дейди мектеп директоры Әмирхан Қайпназаров. – Ол мектептеги ең шаққан, тырысқақ қызларымыздың бири болып, барлық жәмийетлик жумысларда, жарысларда белсене қатнасып келмекте. Минез-қулқы, сыйласығы жақсы, әдеп-икрамлы.

Мектебимиз жәмәәти атынан оқыўшымызды жетискенлиги менен қутлықлаймыз ҳәм келешектеги режелеринде әўмет тилеймиз!

Қарақалпақстан хабар агентлиги