Пайтахтымыз Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы транспорт министрлигиниң жәрдеми менен ҳүкиметаралық жолшылар кеңеси  тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбекстан Республикасындағы  автомобиль  жолларының жағдайы, машқалалар ҳәм раўажланыў келешеги» халықаралық илимий-әмелий конференциясы болып өтти.

Илажға  ҒМДА мәмлекетлериниң жол тараўында жумыс алып барып атырған  шөлкемлери, илимий-әмелий ҳәм билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, жолшылар халықаралық Кеңесиниң ағзалары қатнасты. Онда ҒМДА атқарыў комитетиниң экономикалық бирге ислесиў департаменти директоры М.Е.Мискин қатнаспақта.

Конференция шеңберинде қатнасыўшылар ҒМДА аймағында автомобиль жоллары ҳәм жол қурылысларын жойбарлаў, қурыў, реконструкциялаў, қайта оңлаў, оңлаў ҳәм сақлаў, өндирислик ҳәм илимий-техникалық қураллардан толық пайдаланыў ушын шараят жаратыў мәселелери бойынша пикир алысты. Усыныслар тыңланып, шешимлер қабылланды.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер  тәрепинен  таярланған естелик саўғалары тапсырылды.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги