Өзбекстан Халық демократиялық партиясы системасында жемисли мийнет еткен жасы үлкен нуранийларға ҳүрмет көрсетиў, олардың тәжирийбесин жасларға өрнек етиў мақсетинде партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеӊеси тәрепинен “Үш әўлад ушырасыўы” атамасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы ағзалары, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги партия топары ағзалары, партияның “Нуранийлар Кеңеси” ҳәм “Жаслар қанаты” ағзалары, Қарақалпақстан Республикалық, қалалық ҳәм районлық партия Кеңеслериниң жуўапкер хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны “Инсан қәдири ушын” принципиниң әҳмийетине қаратылып, онда әлбетте, жасы үлкенлеримиздиң турмыслық тәжрийбеси, ақыл-нәсияты жаслар тәрбиясында, елимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде айрықша орын ийелейди. Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, “Нуранийлар кеңеси” ағзалары ҳәм белсендилери менен ашық сәўбетлесиў, олардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў бойынша ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Сайлаўалды бағдарламасына кекселер, пенсионер ҳәм напақадағы инсанлар, басқалардың күтимине мүтәж қатлам ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бағдарындағы усыныс-пикирлерин алыўдан ибарат.

Илажды Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзХДП фракциясы басшысы Халилла Ешимбетов кирис сөзи менен ашты ҳәм партия кеңеслери менен депутатлық бирлеспелери тәрепинен алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде кексе нуранийлар ҳәм жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға зәрүр шараят ҳәм мүмкиншиликлер жаратыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Ашық сәўбет тийкарында өткен илажда кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, кекселерге медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў, жалғыз қалған кекселерге социаллық хызмет көрсетиў системасын жетилистириў, мәнзилли социаллық қорғаўды күшейтиў, оларға көрсетилип атырған материаллық жәрдемди кеңейтиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, усы жумыслар шеңбериндеги партия шөлкемлери ҳәм депутатлардың орны, партияның өткен дәўирде кекселер ҳәм пенсионерлердиң мәпин қорғаўға қаратылған пикирлери билдирилди.

Соның менен бирге, сайлаўалды бағдарламасына кекселер, пенсионерлер ҳәм напақадағы инсанлар, басқалардың күтимине мүтәж қатлам ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў бағдарындағы усыныслары менен идеялары тыңланды.

Ушырасыўда жаслар да өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ушырасыў даўамында партия қатарына жаңадан қабыл етилген жасларға партия гүўалықлары тапсырылды.

 

Илаж даўамында партияның идеяларын халық арасында үгит-нәсиятлаўда өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып киятырған нуранийлар, белсенди ағзалары Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси баслығының “Ҳүрмет жарлығы” ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги