Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Жаслар ҳәм инновациялық аўыл хожалығы” таңлаўының  аймақлық басқышы болып өтти.

Аўыл хожалығы тараўында жаслардың жаңа, креатив идеяларын қоллап-қуўатлаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыўы ушын оларды руҳландырыў, тараўға алдыңғы ҳәм инициативалы жаслар ушын имканият жаратып бериў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаў тийкарынан жасларды аўыл хожалығы тараўына инновациялық идеяларды енгизиўге тартады.

Жәми 4 шәрт бойынша өткерилген таңлаўға “Ветеринария  ҳәм зооинженерия” факультетинде билим алып атырған жаслардан қуралған 5 команда қатнасты. Қатнасыўшылар аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўға байланыслы жойбарларын усынды.

Төрешилер қурамы усынылып атырған жойбарлардың бүгинги күндеги әҳмийетине, алға қойылып атырған идеялардың мазмунына айрықша итибар қаратты. Жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша “Зооинженерия” кафедрасының “Келешек жаслары” командасы биринши, “Экономика ҳәм гуманитар пәнлер”  кафедрасының “Жас бухгалтерлер” командасы екинши, “Ветеринария медицинасы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги” кафедрасының “Келешек үмитлери” командасы үшинши орынларды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги