Бирлескен Араб Әмирлиги мәмлекетиниң Абу Даби қаласында спорттың  Jiu Jitsu түринен I Азия чемпионаты болып өтпекте. Спорт министрлиги Мәлимлеме хызметиниң мағлыўмат бериўинше, онда қарақалпақстанлы спортшылар да табыслы қатнасып, жақсы нәтийжелерге ериспекте. 

Атап айтқанда Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинен А.Аширбекова алтын, У.Сайымбетова гүмис, Республикалық Жеке гүрес түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебинен А.Прекеев қола, Шоманай спорт мектебинен А.Алиев қола, Тақыятас районы спорт мектебинен К.Каримбоев ҳәм А.Таджибаевлар қола ҳәм Кегейли районы спорт мектебинен У.Ешниязова гүмис медальларын жеңип алыўға миясар болды.



Спортшыларды жарысқа Н.Каипов, Е.Камалов, Ж.Тажибаев, М.Реймбаевлар таярлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги