Әмиўдәрья инженерлик техникумында “Карьера күни” ҳәм “Мийнет ярмаркасы” болып өтти.

Илажда райондағы кәрхана, мәкеме, шөлкемлер өзлериндеги 339, соның менен бирге белгили исбилерменлер – “Расулов Айбек тағамлары” шаңарақлық кәрханасы 50, “JKB Energy Amudaryo group” ЖШЖ 100, “Жумамурат уста” ЖШЖ 10, “Равшанбек Юлдузхон” жеке меншик кәрханасы 10 бос жумыс орны менен қатнасты.

Мийнет ярмаркасында халықтың түрли қатламлары, атап айтқанда жаслар, ҳаял-қызлар, питкериўшилер, майыплығы болған шахслар, жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген, әскерий хызметтен келген, мийнет миграциясынан қайтқан жерлеслеримиз, сондай-ақ алимент төлеўши 145 пуқара қатнасты.

Олардан 21 адам, соның ишинде 1 майыплығы болған пуқара турақлы жумысқа орналастырылған болса, 12 пуқараға кәсипке оқытыў, қайта оқыў курсларына жоллама берилди. 60 пуқара ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысқа орналастырылған болса, 39 пуқараға мийнет нызамшылығы бойынша ҳуқықый түсиник берилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2022-жыл 11-май күнги “Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў  агентлигиниң халықты исбилерменликке тартыў қорының қаржылары есабынан субсидиялар ажыратыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў туўралы” қарары тийкарында райондағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 13 жумыссыз ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде субсидия тийкарында тигиў машиналары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги