Бизге белгили, Министрлер Кабинетиниӊ усы жыл 6-май күнги «Сапалы билимлендириўди тәмийинлеўде унамлы нәтийжелер көрсетип атырған улыўма орта билимлендириў мектеплери басшысы ҳәм муғаллимлерине үстеме бериў тәртибин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы  қарарында муғаллимлерди хощаметлеў бағдарында бир қанша ўазыйпалар белгиленип берилген.

Қәнигелескен билимлендириў мәкемелери агентлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен жәрияланған мағлыўматларға бола, сапалы билимлендириўди тәмийинлеўде  унамлы нәтийжелерди көрсетип атырған мектеплердиӊ басшылары  ҳәм муғаллимлерине үстеме бериў тәртиби енгизиледи.

Атап өтилгениндей, 2023-2024-оқыў жылынан баслап оқытыў ҳәм билимди баҳалаўдыӊ жаӊа тәртиби  енгизилген  республикадағы  500 улыўма орта билимлендириў мектебиниӊ ҳәр бирине 2024-2025-оқыў жылынан баслап, екеўден мектеп бириктирилип, жаӊа системаныӊ қамтып алыўы кеӊейтиледи. Яғный жаӊа оқыў жылынан  баслап, оқытыў ҳәм билимлерди баҳалаўдыӊ жаӊа тәртибин нәтийжели әмелге асырған, оқыўшылары унамлы көрсеткишлерди көрсетип атырған улыўма орта билимлендириў мектеплери басшылары ҳәм муғаллимлерине олардыӊ тариф ставкасына байланыслы 40 процентке шекем үстеме бериледи. Үстемелерди баҳалаў өткен оқыў жылынан кейин келетуғын оқыў жылынан (1-сентябрьден) баслап, бир календарь  жыл даўамында төленеди.

                                                                                                        ӨзА