Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халқымыз ушын әсирлер даўамында жақсылық, мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат, руўхый пәклениў байрамы болып киятырған мүбәрек Рамазан айын усы жылы елимиз мөмин-мусылманлары өзгеше қуўаныш ҳәм аўызбиршилик пенен өткерди. Әсиресе, рахмет ҳәм кеширим нурлары жаўылатуғын усы бахытлы күнлерде кем тәмийинленген ҳәм мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған шахсларға материаллық ҳәм руўхый жәрдемлер көрсетилип атырғаны, барлық аймақларымызда кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында ифтарлық дастурханлары жайылып, елимиздиң тынышлығы, бахты ҳәм келешеги ушын пәтиялар етилип атырғаны бул айдың пайыз-берекетин және де арттырмақта.

Бундай саўаплы ҳәм ийгиликли ислер жер бетиндеги барлық инсанларды бәрқулла дос болып жасаўға шақыратуғын муқаддес ислам динимиздиң жақсы идеяларын терең сезинген ҳалда, мәмлекетимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты, түрли миллет ҳәм конфессиялар арасындағы татыўлықты беккемлеўге, бүгинги бахытлы турмысымыздың қәдирине жетип, оны және де абат етиўге хызмет етип атырғаны сөзсиз.

Мүбәрек Рамазан ҳайыты күнлеринде және де айқын көринетуғын мине усындай дәстүр ҳәм қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Усы жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 10-апрель – сәршемби күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, мәмлекетимизде 2024-жыл 10-апрель күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте Рамазан хайытын халқымыздың миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлерине үнлес ҳалда өткериў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.

Туризм комитети Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын Рамазан ҳайыты күнлеринде муқаддес зыярат етиў ҳәм тарийхый орынларға зыяратларды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараят ҳәм имканиятлар жаратсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын өткериўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 8-апрель