“MY FAIR”  жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплериниң 5 мыңнан аслам 11-класс оқыўшылары ҳәм олардың ата-аналары ушын көргизбе шөлкемлестирилди.

Онда 15 тен аслам университет ўәкиллери, соның ишинде, Абай атындағы Қазақстан Миллий педагогикалық университети ўәкиллери де қатнасты.

Көргизбеде мектеп питкериўшилеринде өзлери ушын дүньяның жетекши университетлериниң биринде оқып билим алыўға қызығыўшылықлары пайда болды.

Сондай-ақ, илажда Россия, Түркия, Корея, Канада, Қазақстан ҳәм басқа да мәмлекетлердиң халықаралық билимлендириў тараўы қәнигелери менен ушырасыў қарақалпақстанлы жасларда үлкен тәсирлер қалдырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги