Олий Мажлис Нызамшылық палатасы мәжилисинде “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары хаққында”ғы  Өзбекстан Республикасы Нызамына бажыхана брокерлик жумысын жетилистириўге қаратылған қосымшалар киргизиў хаққында” ғы нызам жойбары екинши оқылыўында статьяма-статья көрип шығылды.

  Усы нызам жойбары менен “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары хаққында”ғы нызамға ўәкилликли мәмлекетлик уйымды бажыхана  брокерлик жумысын ҳәм халық аралық курьерлик жөнелтпелерин жеткерип бериў бойынша жумысын әмелге асырыўы туўралы  хабардар етиў тәртиби белгиленип берилмекте. Соның менен бирге,  ўәкиллик уйымларын  хабардар  етпестен жумысын әмелге асырыўы, хабардар етиў тәртибинде жумысын жүргизиў ушын белгиленген талаплар ҳәм шәртлердиң орынланыўы бойынша ўәкиллик уйымларына  жалған яки надурыс мағлыўматлар бергенлиги ушын минимал жәрийма белгиленбекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи  сыртқы экономикалық жумыс субъектлерине бажыхана декларациялаўы бойынша көрсетилетуғын хызметлердиң сапасын жақсылаў, бажыхана ҳәм салық хаққындағы нызамшылық бузылыўлардың алдын алыў, оларды анықлаў ҳәм оларға шек қойыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары қабыл етилди.

                                                                                                      ӨзА