Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде ҳүрметли ҳаял-қызларға үлкен ҳүрмет көрсетиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орны ҳәм абырайын арттырыў, сондай-ақ, өзиниң жемисли мийнети, бай тәжирийбеси менен елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар процесине белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў жолында баслама ҳәм үлги көрсетип киятырған, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў, жасларымызды ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға үлкен үлес қосып атырған ҳаял-қызларды мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Аннақлычева Гүлистан Ахмедовна – «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы

«Дўстлик» ордени менен

Аймуратова Лиза Айтмуратовна – «Қуўаныш жарма» ирригация системасы басқармасының инженер-гидротехниги

«Шуҳрат» медалы менен

Әметова Гаўхар Гүлмуратовна – «Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң бөлим инженери

Жуманазарова Гүлчехира Жумахметовна – Кегейли районы «Халқабад» мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси

Каримбердиева Дилбар Зиятдиновна – Төрткүл районындағы «Аяз юрт» шаңарақлық туризм кәрханасының директоры

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 5-март