Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы жыллары республикада жер участкаларынан ақылға уғрас ҳәм мақсетли пайдаланыўды тәмийинлеў, оларды қорғаў, жаңа жерлерди өзлестириў және қайта айланысқа киргизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Бирақ, аймақларда жер нызамшылығына әмел етпеў, жер участкаларынан мақсетсиз ҳәм нәтийжесиз пайдаланыў, соның ишинде, нызамсыз қурылыс, сондай-ақ, жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеў жағдайлары ушырасып атырғаны бул бағдарда санлы технологиялардан кең пайдаланыў арқалы бирден-бир қадағалаў системасын енгизиў және ўәкилликли уйымлар арасында бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиўди талап етпекте.
Жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў системасын жолға қойыў, жерлер, әсиресе, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлердиң талан-тараж етилиўиниң алдын алыў, бул процесслерге мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў арқалы тараўда санластырыў процесслерин жеделлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-июньдеги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6243-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде:
- Жер участкалырынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў тараўында қадағалаўды күшейтиў мақсетинде прокуратура уйымларына төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:
жер участкаларын ажыратыў, жаңа жерлерди өзлестириў және аўыл хожалығы айланысына киргизиўге байланыслы республикалық ҳәм жергиликли бағдарламаларда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы бойынша турақлы қадағалаў орнатыў;
аўыл хожалығына мөлшерленген ҳәм мөлшерленбеген жер участкаларын ажыратыўда Жер кодексинде белгиленген талапларға әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша турақлы қадағалаўды әмелге асырыў;
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарларын ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимге алыўдың бирден-бир электрон – «E-qaror» системасын (кейинги орынларда – «E-qaror» электрон системасы) турақлы мониторинг етиў және нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық болмаған қарарларға тәсир етиў шараларын көрип барыў;
жер участкалыран өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм олардан нызамсыз пайдаланыў жағдайларын ерте анықлаў және ҳуқықбузарылық ислеген шахсларға жаза берилиўин тәмийинлеў үстинен қатаң прокурорлық қадағалаў орнатыў;
жер ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиў жағдайын турақлы үйренип барыў, тараўда ҳуқықты қолланыўдың бирден-бир әмелиятын қәлиплестириў;
алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жерден ақылға уғрас пайдаланыў бойынша усыныслар таярлаў;
Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм азық-аўқат тәмийнаты қорының қаржылары, сондай-ақ, тараўға қаратылып атырған тийисли бюджеттен тыс қаржылардың, халықаралық финанс институтларының ҳәм сырт ел ҳүкиметлик финанс шөлкемлериниң қаржылары мақсетли жумсалыўын үйренип барыў.
- Прокуратура уйымларына жүкленген қосымша ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Бас прокуратура қурамында 8 штат бирлигинен ибарат болған Жер участкаларын талан-тараж етиўдиң алдын алыў басқармасы (кейинги орынларда – Басқарма), Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы прокуратураларында болса улыўма саны 56 штат бирлигинен ибарат болған Жер ресурсларын талан-тараж етиўдиң алдын алыў бөлимлери (кейинги орынларда – бөлимлер) дүзилсин.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған Басқарма ҳәм бөлимлер прокуратура уйымларының 32, Аўыл хожалығы министрлиги системасының 15, Суў хожалығы министрлиги системасының 7, Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының 10 штат бирликлерин оптималластырыў есабынан қәлиплестирилсин.
Басқарма ҳәм бөлимлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 8-июньдеги ПП-6243-санлы пәрманы менен жер ҳаққындағы нызам бузылыў жағдайларын ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыўға қаратылған жумысты муўапықластырыў бойынша Бас прокуратура ҳәм аймақлық прокуратураларға жүкленген ўазйыпалардың орынлап барылыўын шөлкемлестирсин.
- Жер учатскаларынан ақылға уғрас пайдаланыўда ҳәм қорғаўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде 2022-жыл 1-марттан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) халық ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм олардан нызамсыз пайдаланыў жағдайлары бойынша Бас прокуратура (1007 қысқа номери) ҳәм Кадастр агентлигине (1097 қысқа номери) жиберилген фотосүўретлер ҳәм видеожазыўлар нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте көрип шығылады;
б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшилерине (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшилери) өз аймағында қурылысы басланған ҳәр қандай имарат ямаса объектлердиң нызамлылығын анықлаў бойынша жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларына, қурылыс ҳәм кадастр уйымларына сораў жибериў ҳуқықы бериледи, онда:
бул сораўлар 5 жумыс күнинде мәжбүрий тәртипте көрип шығылып, қурылысы басланған имарат ямаса объектлерге руқсат беретуғын ҳүжжетлер бар яки жоқлығы ҳаққында мағлыўмат бериледи;
пуқаралардың өзин-өзир басқарыў уйымларының сораўлары тийкарында алынған мағлыўматларды өз имаратында барлық пуқаралар ушын көринетуғын орынға жайластырады және анықланған нызамсыз жағдайлар бойынша мағлыўматларды бир күн мүддетте жер тараўында қадағалаўды әмелге асыратуғын уйымларға усынады.
Кадастр агентлиги еки ай мүддетте Жер кодексиниң 84-статьясында нәзерде тутылған фото ҳәм видео жазыў техника қураллары арқалы жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеў ҳәм нызамсыз пайдаланыў бойынша хабар берген шахсларды ақшалай сыйлық пенен хошаметлеў тәртибин Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
- Жерге байланыслы ҳуқықбузарлықлардың мониторингин жүргизиў бойынша жаратылған «Е-YER NAZORAT» автоматластырылған мәлимлеме системасын (кейинги орынларда – «Е-YER NAZORAT» системасы) жетилистириў мақсетинде:
«Е-YER NAZORAT» системасына жерге байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында киргизиў ҳәм ҳуқықбузарлық ислерин көрип шығыў нәтийжелери ҳаққында мағлыўматларды жайластырыў ушын Кадастр агентлиги, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм олардың аймақлық бөлимлери және тийисли жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары жуўапкер есапланатуғыны;
«Е-YER NAZORAT» системасында жер участкалары менен байланыслы исленген жынаятлар бойынша мағлыўматлар картасы айрықша жүргизилетуғыны белгилеп қойылсын.
Кадастр агентлиги Бас прокуратура ҳәм басқа да ўәкилликли уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте «Е-YER NAZORAT» системасына қозғатылған жынаят ислери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиў тәртибин белгилесин.
- Жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жер қатнасықларына байланыслы ҳүжжетлери нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықлығын тәмийинлеў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған бола шөлкемлестирилип атырған Басқарма Әдиллик министрлиги менен биргеликте:
«E-qaror» электрон системасы арқалы жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жер қатнасықларына байланыслы ҳүжжетлерин турақлы түрде мониторинг етип барады;
мониторинг нәтийжелерине бола нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық болмаған қарарлар бойынша дәрҳал прокурорлық қадағалаў тәсир шаралары қолланылыўын тәмийинлейди.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Транспорт министрлиги, Энергетика министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Спортты раўажландырыў министрлиги, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, «Ҳудудгазтаъминот» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ:
үш ай мүддетте өзиниң системасындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге тийисли болған жер участкаларын хатлаўдан өткерсин соның менен бирге, кейин ала турақлы түрде жер участкаларынан нәтийжели пайдаланылыўын үйренип барсын;
ҳәр шеректе өзине тийисли болған жер участкаларын қорғаў бойынша әмелге асырылған жумсыслар және анықланған нызамсыз жағдайлар бойынша мағлыўматларды Бас прокуратураға усынып барсын.
Усы бәнтте нәзерде тутылған министрликлер ҳәм уйымлар басшыларына бириктирилген жер участкаларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланылыўы және олардың талан-тараж етилиўиниң алдын алыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- «Өзбеккосмос» агентлиги Кадастр агентлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем сынақ тәризинде Ташкент қаласының Мырза Улығбек ҳәм Юнусабад районлары және Ташкент ўәлаятының Қыбрай ҳәм Ташкент районларында өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларын және нызамсыз имаратлар менен объектлерди космослық сүўретлерди қайта ислеў арқалы анықлаў илажларын көрсин.
Министрликлер ҳәм уйымлар «Өзбеккосмос» агентлигиниң сораўына тийкарланып оған жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған барлық мағлыўматлардың белгиленген тәртипте берилиўин тәмийинлесин.
Онда космослық сүўретлерди алыў ҳәм оларлы қайта ислесиўге байланыслы қәрежетлер «Өзбеккосмос» агентлиги ҳәм Кадастр агентлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қапланады.
«Өзбеккосмос» агентлиги Кадастр агентлиги ҳәм Бас прокуратура менен биргеликтет өткерилген сынақ нәтийжелеринен келип шығып, бул әмелиятты республикамыздың пүткил аймағында енгизиў бойынша усынысларды 2023-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қала (қала)лық ҳәкимликлери өзлериниң юридикалық хызметлери, аймақлық әдиллик ҳәм прокуратура уйымлары менен биргеликте жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының жер участкаларын бериў ҳаққындағы қарарларын төмендеги график тийкарында хатлаўдан өткерип, олардың электрон дизимнен өткерилиўин тәмийинлеў ушын район (қала) сектор басшылары және ҳәким жәрдемшилерине берилиўин тәмийинлесин:
2022-жыл 1-майға шекем – 2016-2021-жыллары қабыл етилген қарарлар;
2022-жыл 1-августқа шекем – 2006-2015-жыллары қабыл етилген қарарлар;
2023-жыл 1-январьға шекем – 2006-жылға шекем қабыл етилген қарарлар.
«Өзархив» агентлиги аймақлық әдиллик ҳәм прокуратура уйымлары менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем мәмлекетлик архивлерге сақлаўға берилген пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жер участкаларын бериў ҳаққындағы қарарлары, колхозлар ағзаларының улыўмалық мәжилислериниң протоколлары, совхозлар ҳәм басқа да аўыл хожалығы шөлкемлериниң буйрықларын хатлаўдан өткерип, олардың электрон нусқаларын турақлы түрде жер участкаларына болған ҳуқықлардың мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлеў ушын район (қала)лық сектор басшылары және ҳәким жәрдемшилерине берилиўин тәмийинлесин.
Ҳәким жәрдемшилери хатлаў нәтийжесинде анықланған жер участкаларына болған ҳуқықлардың нызамшылықта белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўинде пуқараларға белсене әмелий жәрдем көрсетсин.
- Жер кодексиниң 831-статьясында жер участкаларынан мақсетли пайдаланылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын тексериў есапланбайтуғыны белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Халықты сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, жер участкаларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатыў мақсетинде:
Аўыл хожалығы министрлиги егислик жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы, режедеги егинлердиң егилиўи ҳәм тәрбияланыўының жағдайы бойынша ҳәр шеректе кеминде бир мәрте мониторинг өткерсин;
Кадастр агентлиги жер категориясына қарамастан барлық түрдеги жер участкалары және имаратларға болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткермеў жағдайларын анықлаў, жер участкаларының өзбасымшалық пенен ийелеп алыныўына ҳәм шегараларын өзбасымшалық пенен өзгертиўге жол қоймаў илажларын көрсин, жерден мақсетли пайдаланылыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаўды күшейтсин.
Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Кадастр агентлиги әмелге асырылған жумыслардың нәтийжеси ҳаққында ҳәр шеректиң жуўмағынан кейинги айдың 5-сәнесине шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети ҳәм Бас прокуратураға мәлимлеме берип барсын.
- Жер ҳаққындағы нызам бузылыўы жағдайларын анықлаў бойынша оператив-излеў жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Ишки ислер министрлиги Оператив-излеў департаментиниң қурамында Жер ресурсларының талан-тараж етилиўине қарсы гүресиў бөлими, аймақлық оператив-излеў хызметлеринде болса Жер ресурсларының талан-тараж етилиўине қарсы гүресиў бөлимлери шөлкемлестирилсин.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған структуралар 73 штат бирлигинен ибарат болып, олар ишки ислер уйымларының 30, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң 43 штат бирликлерин оптималластырыў есабынан қәлиплестирилсин.
- Прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларының системасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған структураларға өзлерине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде Аўыл хожалығы министрлиги және Кадастр агентлигиниң ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар)нан, зәрүрликке бола, төлемсиз пайдаланыў ҳуқықы берилетуғыны;
Ишки ислер министрлиги Оператив-излеў департаментиниң қурамындағы Жер ресурсларының талан-тараж етилиўине қарсы гүресиў бөлими ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жер қатнасықларына байланыслы жынаятларға қарсы гүресиў жумысы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў прокуратура уйымларының усы қарар менен шөлкемлестирилип атырған басқарма ҳәм бөлимлерине жүкленетуғыны белгиленсин.
Кадастр агентлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте прокуратура ҳәм ишки ислер уйымлары системасында жаңадан шөлкемлестирилип атырған структураларға көшпес мүлк объектлери, олардың мүлк ийелери ҳәм ийелик тарийхы ҳаққында мағлыўматларды Көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың Мәмлекетлик реестринен онлайн алыў имканиятын жаратсын.
- Ҳуқық қорғаў уйымларының басламасы менен анықланған жер ҳаққындағы нызам бузылыўы жағдайлары бойынша мәмлекет мәплерине жеткерилген зыянларды белгиленген тәртипте өндириўден түскен қаржылардың 10 проценти тийислисинше усы уйымлардың бюджеттен тысқары қорларына өткерип барылсын.
Прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларының жаңадан шөлкемлестирилип атырған қурамлық структураларының хызметкерлерин оларға жүкленген ўазыйпалардан тысқары басқа да жумысларға тартыў қатаң қадаған етилсин.
- Жоқарғы суд:
2022-жыл 1-апрельге шекем жер участкаларында өзбасымшалық пенен қурылған имаратлар ҳәм объектлерди бузыў менен байланыслы жумысларды көриў әмелиятын улыўмаластырып, бул категориядағы жумысларды көриўде бирден-бир әмелиятты қәлиплестириў бойынша судларға зәрүр усынысларды берсин;
2022-жыл 1-июльге шекем мүлк ҳуқықы тән алынбаған көшпес мүлк обеъктлери менен байланыслы жағдайларды толық үйрениў жумысларын шөлкемлестирсин және нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усынысларды киргизсин.
- Бас прокуратура мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Бас прокуратура усы қарардың талапларынан келип шығып бир ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы прокуратураларының шөлкемлестириў-штат структураларын тастыйықласын.
Қаржы министрлиги Бас прокуратура ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте тийислисинше Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Қарақалпақстан Ресубликасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық прокуратуралары және ишки ислер уйымларының қәрежетлер сметасы ҳәм штатлар кестесине өзгерислер киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас прокурор Н.Т.Йўлдошев, ишки ислер министри П.Р.Бобожонов, аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Д.Кудбиев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2022-жыл 21-февраль