Фармацевтика өнимлериниң қәўипсизлиги орайы Фармакология комитети “SWIXX BIOPHARMA” ЖШЖ тәрепинен «Плаквенил» плёнка қабық пенен қапланған таблеткалар 200 мг №60 дәри қуралының қәўипсизлиги бойынша алынған мағлыўматлар бойынша төмендегилерди мәлим етти:

“Sanofi-Aventis S.A. (Испания) компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған «Плаквенил» плёнка қабық пенен қапланған таблеткалар 200 мг №60 дәри қуралы Өзбекстан Республикасында медицина әмелиятында қолланыў ушын мәмлекетлик дизимнен өткерилген. (RU № DV/X 02889/04/17 от 27.04.2022 ж.).

Европа дәри қураллары агентлиги EMA) “Hydroxychloroqune yearly in pregnancy and risk of birth defects” (2021) изертлеўинен алынған нәтийжелерде гидроксихлорохин сульфаты жоқары суткалық дозаларда қолланғанда ҳәмиле раўажланыўының аўыр туўма нуқсанлары потенциал қәўипи ҳәм басқа жаңа қәўиплер анықланғанлығын атап өтип, дәри қуралларының қәўипсизлигин режели баҳалаў шеңберинде референт мәмлекетке локал қолланылыўына тийисли қолланбаның «Фертиллик, ҳәмиледарлық ҳәм емизиў дәўири» бөлимлерин жаңалаўды (өзгерис киргизиўди) усыныс еткен.

Усы мүнәсибет пенен, Sanofi-Aventis S.A. гидроксихлорохин менен емлеў нәтийжесинде анықланған жаңа қәўиплердиң қолланылыўына тийисли қолланбаның «Арнаўлы көрсетпелер ҳәм қолланыўдағы ықтыятлылық илажлары» ҳәм «Кери тәсирлери» бөлимлерине киргизди».

Усы жерде, Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы дәри қуралларын тек ғана шыпакер мәсләҳәти менен қабыл етиўди ҳәм усыныс етилген дозаны арттырмаўды сорайды.

ӨзА