Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.
Бул нызам жойбары менен тротуарлар, пияда ҳәм велосипед жоллары ҳәм оларға тутас аймақларда қурылған жасыл майданларда автотранспорт қуралларын жүргизиўдиң (оған арнаўлы автотранспорт қуралларын кирмейди) алдын алыўға қаратылған нормалар белгиленбекте.
Халық тәрепинен жол ҳәрекети қатнасыўшыларының ҳәрекетине тосқынлық етиўши нызамсыз тосықларды ҳәм басқа қурылмаларды орнатыў жағдайларына шек қойыў ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмақта.
Жойбарға бола, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-статьясының аты ҳәм биринши диспозициясына өзгерис киргизилип, айдаўшылардың транспорт қуралларында тротуар, велосипед ҳәм пиядалар жолларында, жасыл майданларда ҳәрекетлениўи ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 147-статьясының аты ҳәм биринши диспозициясына өзгерис киргизилип, жолларда нызамсыз тосықлар орнатқанлығы, тосып қойғанлығы, жол ҳәрекети қатнасыўшыларына тосқынлық етиўш басқа қурылмаларды орнатқанлығы ушын жуўапкершилик белгиленбекте.
М.Турдалиева, И.Исматов ӨзА